Нөкис қаласындағы «Нөкис сити» жойбарының қурылыс жумыслары басланды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда «Ўзшаҳар қурилиш инвест» инжинеринг компаниясының директоры З.Нарзуллаев, Нөкис қаласының ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы  П.Турешов, қурылыс шөлкемлериниң басшылары, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2016-жыл 21-октябрьдеги «2017-2021-жылларда жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ҳәм сол жылы 22-ноябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта.  Қурылысы басланып атырған «Нөкис сити» қаламыздың ең сулыў ҳәм пайызлы орынларынан бирине айланады.

Қәнигелердиң атап өткенинлей, дәслепки жылы 7 этажлы еки, 16 этажлы еки турақ жай қурыў режелестирилген. Қурылыс жумыслары бас бөлип алыў ислеўши «Үй-жай қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен алып барылады. Басқышпа-басқыш бир нешше көп этажлы турақ жайлар, мийманханалар, дем алыў орынлары, социаллық тараў объектлериниң қурылысы режелестирилген.

Усы күнниң өзинде нуранийларымыздың жақсы нийетлери менен 7 ҳәм 16 этажлы турақ жайлардың тырнақ тасы қойылып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.