Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары Нагоя қаласынан басланды. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде еллеримиздиң қалалары ҳәм билимлендириў мәкемелери арасында шериклик байланысларын орнатыў перспективаларын додалайды. Сондай-ақ, Нагоя университетинде ушырасыў болып өтеди.

ӨзАның хабаршысы сапар етиў мүнәсибети менен Нагоя университетиниң илимпазлары, студентлери Өзбекстан илим ғайраткерлеринен интервью алды.

Исода ФУМИО, Нагоя университетиниң вице-президенти, университеттиң Ташкенттеги Азия сателлит кампусының директоры:

– Бурын Өзбекстан ҳәм Япония билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў тийкарынан сиясат ҳәм ҳуқық тараўларынан ибарат еди. Ҳәзирги күнде бир қатар изертлеўшилер ҳәр қыйлы илим бағдарлары бойынша биргеликте ислеп атыр. Кейинги жылларда Президентиңиздиң басламасы менен илим ҳәм технологиялар тараўында изертлеўлер алып барыў бираз жеделлести. Бизлердиң бул бағдардағы алмасыўларымыз даўам етеди, қоспа бағдарламалар ислеп шығылмақта. Мен исенемен, мәмлекетиңиз басшысының илимге қаратып атырған итибары қатнасықларымызды кеңейтип, жаңа шеклерге қарай умтылыўымызға хошамет бағышлайды.

Сузуки МАСАБУМИ, Нагоя университети юридика факультетиниң деканы:

– Өзбекстанның жоқары билимлендириў мәкемелери менен беккем бирге ислесиў орнатқанбыз. Ҳәзирги ўақытта факультетимизде билим алып атырған 130 дан аслам сырт ел студентиниң 20 ға шамаласы өзбекстанлы болып есапланады. Олар қәбилетли, билимге қуштарлығы менен басқалардан ажыралып турады. Университетимиздиң президенти Сейичи Мацуоға Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң ҳүрметли ректоры, университетимиздиң профессоры, Нобель сыйлығының лауреаты Рёдзи Ноёриге Өзбекстан Илимлер академиясының ҳүрметли академиги атағының берилгени билимлендириў тараўындағы беккем бирге ислесиўимизден дәрек береди. Биз елиңиз бенен байланысларды, студентлердиң алмасыўларын кеңейтиўден мәпдармыз. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Нагоя университетине сапары мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемиз.

Ичихаши КАЦУЯ, Нагоя университетиниң профессоры:

Бирге ислесиўимиз жылдан-жылға кеңеймекте. Усы ўақытқа шекем 400 ден аслам өзбекстанлы студент ҳәм изертлеўшилер Нагоя университетинде билим алды. Сондай-ақ, 100 ден аслам япон жаслары студентлер алмасыў бағдарламасы тийкарында Өзбекстанда оқып қайтты. Ташкентте 2009-жылы университетимиз ўәкилханасының ашылыўы қатнасықларды жеделлестириў бағдарында әҳмийетли қәдем болған еди. Орайлық Азияда бирден-бир усы ўәкилхана жоқары билимлендириў мәкемелери арасында беккем көпир ўазыйпасын атқармақта.

Тез арада бирге ислесиўимизде жаңа бет ашылады. Өзбекстан Президентиниң мәмлекетимизге сапары раўажланыў ушын әҳмийетли тийкар болған, илим тараўындағы қатнасықлардың жаңа қырларын ашыўға имканият жаратады. Биз медицина, мәлимлеме технологиялары, робототехника тараўында илимий байланысларды раўажландырыў нийетиндемиз. Буның ушын барлық тийкарлар бар, ең әҳмийетлиси, илимге қуштар жаслар, үлкен тәжирийбеге ийе илимпазлар бар.

Беҳзод ЙЎЛДОШЕВ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти:

– Нагоя университетинен алты Нобель сыйлығының лауреаты жетисип шыққан. Олардың төртеўи физика, екеўи химия пәни бойынша жеңимпаз болған. Соның ишинде, Рёдзи Ноёри тек ғана химия тараўында әҳмийетли ойлап табыўларда емес, ал оларды әмелге асырыўда белсендилик көрсеткен. Оның 500 ден аслам илимий мақаласы басып шығарылған, ойлап табыўларына дерлик 200 патент алынған, усы арқалы жаңа технологиялар жаратылған. Илимпаз студентлерди таярлаў, оларды изертлеўге тартыў, Өзбекстан менен илимий-техникалық байланысларды раўажландырыўға да салмақлы үлес қосты. Оның бул бағдардағы хызметлери итибарға алынып, илимпазға Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳүрметли академиги атағы берилди.

Өзбекстан ушын Нагоя университетиниң потенциалынан пайдаланыў әҳмийетли. Университеттиң илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиў илимниң бир қатар бағдарлары бойынша перспективалы бағдарламаларды әмелге асырыў имканиятын береди. Бизлер физика, химия, мәлимлеме технологиялары бойынша байланысларды раўажландырыўды режелестиргенбиз. Сондай-ақ, жәмийетлик пәнлер бойынша да алдымызда үлкен мақсетлер турыпты. Олардың орынланыўы мәмлекетлеримиздиң илимий-техникалық бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўге хызмет етеди.

Акмал БУРХОНОВ, «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекетиниң баслығы:

– Өзбекстанда барлық тараўда тез пәтлер менен реформалар әмелге асырылып атыр. Бул процесске жас, билимли кадрлар келип қосылып атырғаны қуўанышлы. Олардың арасында сырт елде оқып, жумыс ислеп келген ўатанласларымыздың орны әҳмийетли. Соның ишинде, Нагоя университетинде оқыған жаслар бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қоспақта.

Президентимиздиң сапары Япония жәмийетшилиги ушын да әҳмийетли. Бизлер сапар етиў алдынан Япония парламенти, Әдиллик министрлиги, Илим ҳәм технологиялар агентлигинде ушырасыўлар өткердик. Сөйлесиўлерде Япония тәрепи Өзбекстанда билимлендириў ҳәм илимге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, парламент ўәкиллери мәмлекетимиз бенен билимлендириў тараўында қоспа бағдарламалар әмелге асырыўға жәрдем бериўди, Япония Әдиллик министрлигиниң ўәкиллери ҳуқықый тараўда бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин билдирди. Бул бағдардағы жойбарлар Өзбекстанның келешеги ушын, жасларымыз ушын жаңа имканиятлар ашады, бирге ислесиўимизди жаңа мазмун менен байытады.

Саори ОКУДА, Нагоя университети халықаралық бөлиминиң баслығы:

– Мәмлекетиңиз жаслары 2000-жылдан берли университетимизде билим алады. Елиңизде билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжелерин жасларыңыз өз бағдарында үлкен жетискенликлерди қолға киргизип атырғанында да көриў мүмкин. Соның ишинде, Нагоя университетинде оқып атырған студентлердиң мысалында да.

Ҳәзирги күнде япониялы студентлердиң арасында Өзбекстанға барып, оқыўды қәлеўшилердиң саны сезилерли көбейди. Бул Өзбекстанда билимлендириў системасының жақсы жолға қойылғанын билдиреди.

Харуку САКАКУРА, Нагоя университетиниң студенти:

– Өзбекстанға қызығыўшылығым жоқары. Әсиресе, елиңиздиң тарийхый-мәдений байлықлары мени таң қалдырған. Самарқандтағы Регистан ансамблин барып көриў әрманым еди. Бул әрманыма усы жылы жеттим. Студентлердиң алмасыў бағдарламасы бойынша август-сентябрь айларында Өзбекстанда болып, қәнигелигимизди арттырып қайттық. Самарқандтағы Регистан, Шахи Зинда ҳәм басқа да тарийхый естеликлерди тамашаладық, өзбекстанлы студентлер менен досластық. Бул мәмлекетлеримиздиң билимлендириў тараўындағы байланыслары жаңа басқышқа көтерилгенин аңлатады.

Жинто ФУЖИ, Нагоя университетиниң студенти:

– Нагоя университетинде шөлкемлестирилген клубта япониялы жаслар өзбек тилинен билим алады. Мен де усы клубта өзбек тили ҳәм мәдениятын үйренип атырман. Өзбек тили ҳәм мәдениятына қызығыўшылығыма өзбекстанлы студентлер себеп болған. Сабақлар даўамында пикирлесемиз, олар елиңиз ҳаққындағы билимлеримизди арттырыўға жәрдемлеседи. Келешекте Өзбекстанға барып ислеў нийетиндемен.

Президент ватандошларимиз билан учрашди​

3.jpg

 

ӨзАның хабаршысы

Матназар ЭЛМУРОДОВ

жазып алды.