2019-жылдың 15-декабринен 2020-жылдың 15-январь сәнесине шекем республикамызда «Ўатансүйиўшилик – миллий раўажланыўдың кепили» сүрени астында ўатансүйиўшилик айлығы өткерилмекте. 17-ноябрь күни  Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында усы айлыққа старт берилиўи мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Онда Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының орынбасарлары, полковник Қ.Зоидов, подполковник Н.Қодиров, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник И.Ахмедов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа жыл байрамы, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлигине бола, быйылғы жылдың 15-декабринен 2020-жылдың 15-январына шекем Ўатансүйиўшилик айлығының өткерилиўи белгиленген. Буннан гөзленген мақсет – жасларымызды миллий идея ҳәм Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың қәлби ҳәм санасына Ўатанды қорғаў мақтанышлы ҳәм муқаддес ўазыйпа екенлигин терең сиңдириў, әййемги тарийхымыз ҳәм мәдениятымыздың, жанажан Ўатанамыздың ғәрезсизлиги ҳәм раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен хызмет еткен қаҳарманларымыз бенен мақтаныў, оларға мүнәсип болыў сезимин қәлиплестириў, миллий армиямыздың имканиятына ҳәм қүдиретине деген исенимди арттырыў, миллий армиямызға физикалық ҳәм руўхый  жақтан жетик жаслардың зәрүрлиги, жасларда дүньяда жүз берип атырған сиясий, жәмийетлик процесслерге миллий мәплеримизден келип шыққан ҳалда қатнаста болыў көнликпелерин арттырыў, ҳәр қандай қурамалы жағдайларда жедел шешим қабыл етиў, Ўатанымыздың мәплерин тек әскерий емес, ал, барлық тараўларда қорғаўға таяр болыў, өз елине, халқына садық болыў бүгинги күнниң талабы екенлигин турмыслық мысаллар ҳәм тәсиршең қураллар арқалы жаслардың санасына сиңдириў болып табылады.

Ўатансүйиўшилик айлығына бағышланған илажлар бағдарламасы ислеп шығылған болып, 5 бөлим 67 бәнттен ибарат усы бағдарлама тийкарында бир қатар илажлардың өткерилиўи режелестирилген.

Концерт бағдарламасында Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы әскерий оркестри, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң қосықшылары, хызмет көрсеткен артистлер ҳәм «Ниҳол» сыйлығының лауреатлары тәрепинен Ўатанды, миллетлераралық дослықты улығлаўшы қосықлар атқарылып, илаж шеңберинде әскерлер ана-Ўатанға хызмет етиўден мақтаныш сезимлерин билдирди ҳәм жасларды   ўатансүйиўшилик айлығында белсене қатнасыўға шақырды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.