Усы жыл 14-январьда Өзбекстан-Швейцария «Swiss Lab» қоспа кәрханасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы арасында бирге ислесиў бойынша дүзилген Меморандумға муўапық, 10-декабрьден Ташкент қаласында «Swiss Lab» клиникалық диагностикалық лабораториясының бир қатар офислери иске түсти.

Буннан гөзленген мақсет – халық ушын сапалы, арзан лабораториялық-диагностикалық хызмет көрсетиў ҳәм оларға қолайлы шараятларды жаратыў болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, «Swiss Lab» тийкарғы анализлерди қысқа ўақытта (2 саат), ашық түрде алып барады. Бунда тутыныўшы биоматериалдың алыныўынан баслап, анализ нәтийжелери таяр боламан дегенге шекемги жумысларды бақлап барыў имканиятына ийе болады.

Усындай лаборатория жақында Қарақалпақстанда да ашылыўы күтилмекте. Бул жумысларда миллий палатаның аймақлық бөлими жәрдем көрсетиўи белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.