Ҳәзирги ўақытта барлық орынларда тийисли тараў басшылары тәрепинен халықтың дәртин, тәшўишин тыңлаў, машқалаларды тиккелей орынларға шыққан ҳалда үйрениў ҳәм шешимин табыў мақсетинде ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы М.Азимовтың басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болды.

Ең дәслеп, олар Бажыхана басқармасында исбилерменлик субъектлери менен пуқараларды қабыллап, олардың машқалаларын үйренди.

Билдирилген мүрәжатлерде тийкарынан транспорт қуралларын сырттан алып келгенде бажыхана төлемлеринде жеңилликлер жаратыў, өнимлерди экспорт етиўде шегара бажыхана постларында шараятлар жаратыў, бажыхана уйымларына жумысқа кириў ҳәм қайта тиклеў мәселелери болды.

Атап айтқанда, буннан бир нешше жыл алдын айырым себеплер менен бажыхана хызмети уйымларынан жумыстан босаған пуқара Г.Кның мәселеси үйренилип, унамлы шешим тапты. Бажыхана уйымларындағы хызмети даўамында жол қойған айырым қәте-кемшиликлеринен пушайман болып, өзине тийисли жуўмақ шығарған бул пуқара буннан былай бажыхана уйымларында өз жумысын қайта даўам етип, республикамыздың экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўге ўәде берди.

Топар ағзалары Қоңырат районында жайласқан боян тамыр экстрактын экспорт етиўши «Кунград Агро Солодка Систем» ЖШЖ жумысларындағы машқалалар менен танысты.

Кәрхананың машқалалары толық үйренилип, кәрхана тәрепинен МОБға кепиллик хаты берилиўи шәрти менен өним экспортынан түскен валюта есабынан кәрхананың дебитор қарыздарлығы төлеп берилиўи белгиленип, кәрхана өнимлериниң экспортқа шығарылыўына рухсат етилди.

Буннан кейин, жумысшы топар «Хожели» шегара бажыхана постында болып, усы пост арқалы ҳәрекетленип атырған физикалық шахслар, товарлардың экпорты ҳәм импорты менен шуғылланып киятырған исбилерменлик субъектлериниң жумыслары менен танысты. Олар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, машқалалы мәселелерин мәлим етти.

Ушырасыўда пост арқалы ҳәрекетленетуғын жолаўшылардың қоңсылас мәмлекетлердиң бажыхана тәртип-қағыйдаларынан хабардарлығын арттырыў бойынша билдирген усыныслары инабатқа алынып, пуқаралар ушын шегара постларында жаратылған имканият ҳәм шараятлар ҳаққындағы пикирлери үйренилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.