2-санлы Нөкис медицина колледжинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги «Конституция ҳәм нызам үстинлиги-ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ең әҳмийетли өлшеми» темасындағы баянатын үйрениўге бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы Рахима Худайбергенова Президентимиз баянатының мазмун-мәниси, суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, нызамлардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, системалы машқалаларды алдыннан көре билиў, нызам бузылыўының унамсыз ақыбетлерине қарсы гүресиў  бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бири болып табылады. Халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолында  быйылғы жылдың өзинде 70 тен аслам нызам, 350 ден зыят Президент пәрманы ҳәм қарарлары қабыл етилди.

Келеси жылдан баслап прокурор қарары үстинен судқа мүрәжат етиў тәртиби енгизилиўи сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў процесинде теңсалмақлылықты, яғный, өз-ара тыйып турыў принциплерин тәмийинлеў имканияты жаратылады. Бундай зәрүр өзгерис те бизиң тәжирийбемизде биринши мәрте қолланылмақта. Себеби, бурын прокуратура уйымлары оғада жабық, қадағалаўдан жырақ бир уйымға, образлы етип айтқанда, ақырғы инстанцияға айланып қалған еди. Буның ақыбетинде қаншадан-қанша адамлардың наҳақтан жәбир шегип, әдалатсызлыққа дуўшар болды.

Прокурор қарары үстинен судқа мүрәжат етиў бойынша раўажланған демократиялық мәмлекетлерде әмел ететуғын бундай тәжирийбени енгизиў турмысымызда әдиллик тәрезисин беккемлеўде үлкен қәдем болады, деп атап өтилди баянатта. Бул пикирлер судларга болған исенимди және де арттырып, пуқаралар тек судлар арқалы ғана мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳәрекетлеринен қорғалыўы мүмкинлигиниң әмелге киргизилиўине хызмет етеди.

Судлардың шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў биз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Әсиресе, суд қандайда бир лаўазымлы шахстың қолы жететуғын мәкемеге айланып қалыўына улыўма жол қоймаў шәрт. Сол себепли суд ислерине араласқаны яки судқа басым өткергени ушын жуўапкершиликти күшейтиў зәрүр,-деген еди Президентимиз өз баянатында. Нызамшылығымызға киргизилип атырған өзгерислер судьялардан өз үстинде еле де көбирек ислеў, өзлериниң бар күш-жигер және билимин әдиллик пенен ҳақыйқатлыққа, пуқараларымыздың ҳуқық және еркинликлерин қорғаўға қаратыўды талап етеди. Солай екен, бул бағдардағы жуўапкершиликти бойынша бир қатар ўазыйпалар жүклейди.

Жуўмақлап айтқанда, елимиз басшысының атап өткениндей, «Конституция ҳәм нызам үстинлиги ­ абадан турмыс гиреўи» деген түсиник пуқараларымыздың сана-сезими ҳәм қәлбинде терең орын ийелеўи ҳәм социаллық зәрүрликке айланыўы тийис.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.