Бүгин, 11-декабрь күни Халықаралық баспасөз орайының Қарақалпақстан бөлими мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, Әдиллик министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте бир топар белсенди жаслар қатнасыўында «Сизиң даўысыңыз – сизиң келешегиңиз!» атамасындағы ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға Халықаралық баспасөз орайының Қарақалпақстан бөлими баслығы А.Ембергенов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев ҳәм жәмийетлик шөлкемлерден қәнигелер қатнасты.

Ушырасыў сораў-жуўап ҳәм өз-ара пикир алмасыў тәризинде өтти.

Илажға қатнасып атырған жаслар 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары район ҳәм қалалық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўға таярлық, сайлаў процесинде қатнасыўдың нормативлик-ҳуқықый тийкарлары, сондай-ақ, бул бойынша нызамшылыққа киргизилген жаңалықлар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотосүўретлери.