Сайлаў – 2019

Нөкис қаласындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 11cанлы Пристань сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм 27-санлы «Анасай» сайлаў округинен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине усынылған талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда дәслеп «Адолат» СДПдан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине талабан етип көрсетилген Г.Абдисаметова ҳәм Нөкис қалалық Кеңесине депутатлыққа талабан Б.Айтмуратовлардың исенимли ўәкиллери  партиядан көрсетилген талабанлардың өмир жолы ҳәм ислеген мийнетлери менен таныстырды.

Соңынан «Адолат» СДП талабанларына сөз берилип, олар өз сайлаўалды бағдарламаларында инсан ҳәм оның ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплери мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ең жоқары қәдириятлары екенин атап өтти. Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында ҳәр бир инсанның абадан турмысы ушын зәрүр шараятларды жаратыў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлиги нормаларын тәмийинлеў баслы ўазыйпалары екенлигин мәлим етти.

Ушырасыўда олардың алға қойған мақсетлери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.