Орайлық сайлаў комиссиясының халықаралық баспасөз орайында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

photo5364201895876472073.jpg

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары ҳәм жуўаплы хызметкерлер, округлик сайлаў комиссияларының басшылары, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери, жәмийетлик шөлкемлер, сиясий партиялар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте дәслеп Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Русланбек Давлетовтың министрлик тәрепинен Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

photo5364201895876472077.jpg

Министрдиң мағлыўмат бериўинше, министрлик тәрепинен усы ўақытқа шекем 6 мыңнан аслам үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилди. Министрлик системада «Әдиллик үндеўи» темасындағы жойбар шөлкемлестирилди. Онда көшелер, халық көп жыйналатуғын жерлер ҳәм ҒХҚ арқалы сайлаўға шақыратуғын социаллық рекламалар, баннерлер ҳәм билбордлар орнатылады. Ҳәзирги ўақытта министрликтиң социаллық тармақлардағы бетлери ҳәм «Ҳуқықый мәлимлеме» телеграм каналы арқалы «Сайлаў әлипбеси» рубрикасы шөлкемлестирилип, сайлаўға байланыслы түсиниклер әпиўайы ҳәм түсиникли тәризде турақлы берип барылмақта.

Мәжилисте Нызамшылық паталасы депутатлығына талабанларды дизимге алыў ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының быйыл 11-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына байланыслы мәселелер көрип шығылды.

photo5364201895876472081.jpg

Нызамшылық палатасы депутатлығына 2019-жыл 22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўда қатнасыўға рухсат берилген жәми бес сиясий партия нызамда белгиленген мүддетлерде өзиниң қурылтай ҳәм съездлерин өткерди. Усы илажларда партиялар тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлар көрсетилди.

Буннан кейин сиясий партиялардың басшылары депутатлыққа талабанларды дизимге алыўды сорап, Орайлық сайлаў комиссиясына мүрәжат етти. Орайлық сайлаў комиссиясының экспертлери тәрепинен депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлердиң нызамшылыққа муўапықлығы Сайлаў кодексинде белгиленген мүддетлерде муқыят тексерип шығылды.

Сиясий партиялар тәрепинен Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды көрсетиў бойынша барлық илажлар нызамшылық талапларына қатаң муўапық ҳалда, ашық-айдынлық руўхында әмелге асырылғаны атап өтилди.

Орайлық сайлаў комиссиясы тексериў жуўмақларына бола ҳәм Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексиниң 14-статьясына муўапық, сайлаўда қатнасатуғын Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Өзбекстан Экологиялық партиясы тәрепинен көрсетилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды дизимге алыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Дизимге алынған 750 талабанның ҳәммеси жоқары мағлыўматлы. Солардан 310ы ямаса 41,3 проценти ҳаял-қызлар. Бул 2014-жылдың декабрьинде өткен сайлаўлардағыдан дерлик 10 процент (31,8) көп болып есапланады. Талабанлар арасында ҳуқықтаныўшылар 6,9, экономистлер 19,1, шыпакерлер 12,4 процентин қурайды. Депутатлық мандаты ушын 22 илим докторы ҳәм 52 илим кандидаты беллесиў алып барады. Талабанлар арасында нәўқыран әўлад ўәкиллери сезилерли дәрежеде көбейген. 25-40 жас аралығындағы талабанлар 32,2 процентти қурайды.

Депутатлыққа талабанлардың дизими баспасөзде жәрияланады.

Мәжилисте депутатлыққа талабанлар дизимге алыныўы менен сайлаў процесиниң әҳмийетли басқышы – сайлаўалды үгит-нәсиятлаўдың басланатуғыны атап өтилди. Бул процесс сайлаў нызамшылығының талаплары тийкарында әмелге асырылады.

Мәмлекетимиз сайлаў нызамшылығына байланыслы сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў ушын барлық шараятлар тәмийинленген. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партияларға, депутатлыққа талабанларға Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў бойынша сайлаў кампаниясы дәўиринде сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыўда депутатлыққа талабанлар, сиясий партиялардың ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўына байланыслы ҳүжжетлер тийкарында ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўда тең ҳәм кең имканиятлар жаратылады.

Сиясий партияларға, депутатлыққа талабанларға сайлаўалды үгит-нәсиятлаў дәўиринде ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўда тең шараятлар жаратыў, сиясий партиялардың өзиниң келеси жумыс бағдарламасы менен шығыў ҳуқықын тәмийинлеў мақсетинде, олардың ғалаба хабар қуралларындағы шығыўлары нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте белгилеп қойылды.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

 

Инобат АҲАТОВА,

ӨзАның хабаршысы