Пайтахтымызда Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасында дипломатиялық байланыслар 1992-жыл 23-ноябрьде орнатылған. Мәмлекет басшыларының сөйлесиўлери, түрли дәрежедеги делегациялардың сапар етиўи турақлылыққа ийе.

Бүгинги күнде еллеримиз арасындағы байланыслар барлық тараўларда избе-из раўажланбақта. 1998-жылы қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнама,  2013-жылы қабыл етилген Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасындағы Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама өз-ара бирге ислесиўге беккем тийкар болмақта.

Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25-жылы әҳмийетли ўақыяларға бай болды. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың ашық ҳәм прагматикалық сиясатының нәтийжесинде еллеримиз арасындағы байланыслар және де жеделлести. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 22-23-март күнлери Қазақстанға мәмлекетлик сапары бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтерди. 16-17-сентябрьде Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың елимизге мәмлекетлик сапары жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң избе-из даўамы болды.

Бул тарийхый сәне жыл бойы белгиленди, деў мүмкин. Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлери усы жылдың өзинде алты мәрте ушырасты. Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия мәжилиси, бир неше бизнес-форумлар, миллий өнимлер көргизбелери өткерилди. Аймақлар арасында туўрыдан-туўры байланыслар орнатылды. Ташкент ҳәм Алматы арасында тезжүрер поезд, қалалараралық автобуслар қатнаўы жолға қойылды. Әзелден қәўим-туўысқан болған халықларымыз арасында барыс-келис көбейди. Булардың бәри еки ел арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиў жоқары дәрежеде екениниң дәлили.

Күни кеше Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бирин-бири қутлықлады. Қутлықлаўларда еллеримиз ҳәм халықларымыз арасында дослық, жақын қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықлары буннан былай да избе-из беккемленип баратуғыны атап өтилди.

Пайтахтымыздағы «Наврўз» мәмлекетлик қабыллаўлар үйинде илажда бул тәреплер және бир мәрте өз көринисин тапты. Өзбекистан ҳәм Қазақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўында миллий нама-қосықлар жаңлады.

Бул салтанатлы илажға қатнасыў ушын елимизге келген Қазақстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Асқар Мамин ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары  Очилбай Раматовтың ушырасыўы болып өтти. Мәмлекет басшыларының сөйлесиўлери нәтийжесинде бирге ислесиўге кең жол ашылғаны, оларда ерисилген келисимлер толық әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия шеңбериндеги байланысларды раўажландырыў, өз-ара пайдалы саўда-экономикалық  ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Ҳүкиметлераралық  қоспа комиссияның баянламасына қол қойылды.

Ушырасыўға еки елдиң министрликлери менен ведомстволарының басшылары да қантасты.

Қазақстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Мамин Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов пенен де ушырасты.

А.САМАДОВ,

ӨзАның хабаршысы