Бурын хабар етилгениндей, усы жылдың 17-август күни Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында Ишки ислер уйымлары системасында алып барылып атырған жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде Қарақалпақстанда ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар нәтийжелерин Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы комиссия мәжилисинде қарап шығыў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў тапсырылған еди. Усы мәселелер бойынша 1-10-ноябрь күнлери аралығында комиссияның жумысшы топары ағзалары республикамыздың қала ҳәм районларында болып, алып барылған жумыслар менен танысты.

Усы жыл 26-ноябрь күни Нөкисте Олий Мажлис Сенаты тәрепинен дүзилген жумысшы топардың усы мәселелерди үйрениўлердиң жуўмағына бағышланған кеңейтилген мәжилиси болып өтти. Видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилиске Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, министрликлер менен ведомстволардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, мәпдар тараў басшылары ҳәм жуўаплы хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Республика басшысының атап өткениндей, Президентимиз тәрепинен ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы, жынаятшылықтың алдын алыў, тараў хызметкерлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Өткен жылдың 16-сентябринде «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының қабыл етилиўи, сондай-ақ, усы жылдың 10-апрель күни Ишки ислер уйымлары жумысларының нәтийжелилигин жақсылаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда олардың жуўапкершилигин күшейтиў бойынша арнаўлы Пәрманның ҳәм бир қатар қарарлардың қабыл етилиўи тараў жумысларын жаңа басқышқа көтериўге, профилактика инспекторларының жуўапкершилигин арттырыўда ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе болды. Мине, усы ҳүжжетлер тийкарында ҳәкимликлерде, министрликлер менен шөлкемлерде жаслар менен ислесиў бойынша жаңа лаўазымлар енгизилди. Профилактика инспекторлары ант қабыл етип, оларға 125 хызмет жайлары ҳәм жеңиллетилген кредитлер есабынан 125 автомашиналар тапсырылды. Сондай-ақ, усы жылдың 15-ноябрь күни Президентимиз басшылығында өткерилген селектор мәжилисинде де тараўда орын алған кемшиликлерди сынға алған еди.

Мәжилисте дәслеп Жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық комиссия баслығы С.Турмановтың баянаты тыңланды. Баянаттан келип шығып, Қарақалпақстан аймағында өткен 10 ай даўамында жүз берген  жынаятлар район, қала кесиминде талқыланып, бунда «Мәҳәлле», «Нураний» қорлары, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы, оқыў орынлары арасында бирге ислесиўдиң жолға қойылмай атырғанлығы сынға алынды. Аймақларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында Ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм басқа да мәпдар тараў басшыларының қатнасыўында бир қатар профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Усының нәтийжесинде жынаятлардың саны бираз кемейгени менен айырым түрдеги жынаятлардың саны артып кеткен.

Мәжилисте Олий Мажлис Сенатының баслығы, Жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша республикалық комиссияның баслығы Н.Йўлдашев кең түрде шығып сөйледи. Аймақлық комиссияның баянатынан келип шығып Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Сариев, Ишки ислер министри А.Темирханов, Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, «Мәҳәлле» қорының баслығы Т.Романов ҳәм басқалар есап берди. Мәжилисте Өзбекистан Бас прокурорының орынбасары, аймақлық комиссияның ағзасы Э.Тажиев шығып сөйлеп, аймақларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша алып барылған жумысларға баҳа берди.

Мәжилисте топланған мағлыўматларға тийкарланған ҳалда тараў қәнигелери тәрепинен анық режелер ислеп шығылды ҳәм алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажға Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери О.Муродов, Р.Комилов, Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов қатнасты.

            Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы