Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайында «Алтын гүз» атамасындағы көргизбе ашылды.

Көргизбени өткериўден тийкарғы мақсет – үлкемиздеги гүз мәўсиминиң өзине тән өзгешелигин көрсетип, елимиздиң гөззал тәбиятын, бул мәўсимдеги тәбият өнимлериниң баҳалылық дәрежесин, сондай-ақ, пасылдың пайызлы байлығын көрсетиў арқалы жас әўлад санасында үлкемиздиң тәбиятына муҳаббат сезимин беккемлеп, оның даласы, бағлары, дәрья ҳәм сайлары, ҳәттеки ҳәр бир гиясының бийбаҳа байлық екенлиги туўралы түсиниклерди қәлиплестириў болып есапланады.

– Мен Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектебинде оқыйман,-дейди көргизбе қатнасыўшысы Насиба Отарбаева. – Сүўрет салыўға ҳәм тамашалаўға қызығатуғынлығым себепли бирге оқыйтуғын оқыўшы досларым менен усы көргизбеге келдим. Бул жердеги устаз художниклердиң картиналары бизлерде үлкен қызығыўшылық оятты.

Көргизбеде устаз художниклердиң дөретпелери менен бир қатарда жас талант ийелериниң де дөретиўшилик жумыслары орын алған болып, картиналарда үлкемиздеги гүз мәўсиминиң өзине тән өзгешеликлери, тәбиятымыздағы таң қаларлық әжайып қубылыслар, басқа мәўсимлерден мазмуны бөлек көринислер орын алған.

Көргизбеге жәми 12 автордың 34 картинасы қойылған. Көргизбе бир ай даўам етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.