13-ноябрь

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық билимлендириў кафедрасының профессоры, академик Жуманазар Базарбаев 1933-жыл 13-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында туўылған.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери Жуманазар Базарбаев 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. Мийнет жолын усы институттың философия кафедрасы оқытыўшылығынан баслаған. 1963-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң аспирантурасын тамамлаған.

Жуманазар Базарбаев мийнет жолы даўамында жуўапкер лаўазымларда ислеп келмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Қарақалпақстан бөлими Н.Даўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты директорының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры ўазыйпаларында ислеген.

    *   *   *

PS: Сайтымызда шөлкемлестирилген «Бүгин туўылған күн» жойбарында ҳәр қыйлы тараўларда мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосқан ҳәм қосып атырған инсанлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, академиклер, ел сүйген дөретиўшилер және кәсиби, таңлаған жолында жоқары нәтийжелерге ерисип атырған ўатанласларымыздың туўылған күнлери еске алынады.

 

ӨзА