Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан киноғайраткерлери дөретиўшилик бирлеспеси, «Қарақалпақфильм» агентлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер тәрепинен кино көркем өнери дөретиўшилериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Онда Өзбекстан киноғайраткерлери дөретиўшилик бирлеспеси баслығының орынбасары Журабек Рузметов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист Тоҳир Саидов, «Қарақалпақфильм» агентлигиниң директоры Бектилеў Низамаддинов, пайтахтымыздағы барлық жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, пүткил елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде барлық тараўлар қатарында кино көркем өнеринде де жоқары жетискенликлерге ерисилмекте. Соңғы жыллары миллий кино өнимлериниң сапасы идеялық, идеологиялық ҳәм көркемлик жағынан бир қанша өзгерди, жаңаланды ҳәм жетилистирилип бармақта. «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң ҳәм Өзбекстан киноғайраткерлери дөретиўшилик бирлеспесиниң көп санлы дөретиўшилери Ўатанымыздың бай тарийхына арналған, халқымыздың бүгинги күндеги мақсетин, арзыў-нийетлерин әмелге асыратуғын темаларды кеңирек жарытыўды өз алдына мақсет етип қойған. Усы темаларда бир қанша көркем фильмлер, мультипликациялық ҳәм ҳүжжетли фильмлер сүўретке алынбақта. Атап айтқанда, 2017-жылдан берли еки үлкен жойбар – Исҳақхан Ибрат ҳаққындағы тарийхый-биографиялық фильм ҳәм Абдулла Авлоний ҳаққындағы тарийхый фильмлерди сүўретке алыў жумыслары әмелге асырылмақта. Олар жыл соңында премъераға усыныўы режелестирилген. Соның менен бирге студент-жаслар темасына, олардың машқалаларына арналған «1-август» көркем фильми де кең жәмийетшилик ҳәм тамашагөйлердиң итибарына усынылады. Абдулла Қодирийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған фильмди сүўретке алыў жумысларына қызғын таярлық көрилмекте. Өзбекстанда кинопавильонлар, кинотехникаға мөлшерленген майданларда, үш жанрда ислеп шығарылатуғын мультипликациялық, ҳүжжетли фильмлер киностудияларында, соның ишинде «Өзбекфильм» киностудиясында ири реконструкциялаў, материаллық-техникалық базасын жетилистириў жумыслары әмелге асырылмақта. «Қарақалпақфильм» агентлиги тәрепинен «Қырққыз» фильминиң эпосы бойынша сценарий жазылып, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызановтың, Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер ғайраткери Б.Баймурзаевтың сахналастырыўындағы «Аязий» спектакли тийкарында көркем фильм сценарийи усынылып, оларды сүўретке алыў жумысларына таярлықлар баслап жиберилген. Усылар қатарында елимиздиң кино көркем өнериндеги бир қанша жаңалықлар менен таныстырыў мақсетинде дөретиўшилер Ферғана, Наманган, Андижан, Хорезм ўәлаятларындағы ҳәм Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларында усындай ушырасыўларда қатнасып келмекте.
Ушырасыў соңында жаслардың әскерий ўатансүйиўшилик сезимин арттырыў, ҳәр қыйлы жат иллетлерге қарсы иммунитетин көтериў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде «Өзбекино» миллий агентлигиниң буйыртпасы менен сүўретке алынған «Тынышлық артында» фильми қойып берилди.
– Президентимиздиң басшылығында биз-жаслардың миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбияланыўымыз, арзыў-умтылысларымызды әмелге асырыўымыз, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўимиз ушын кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта, – дейди Бердақ атындағы ҚМУдың физика факультети студенти Ислам Отарбаев. – Елимизде тынышлықты сақлаў ушын жанын пидә еткен қаҳарманлар, олардың халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында ислеген мәртликлери ҳаққында сөз ететуғын «Тынышлық артында» фильми студент-жаслардың ўатансүйиўшилик сезимин арттырып, тынышлықтың қәдирине жетиўге үйретеди.
Реал ўақыялар тийкарында сүўретке алынған «Тынышлық артында» көркем фильминиң режиссёры А.Бектурдыев, сценарий авторлары А.Йулдошев, М.Абдухаликов, С.Ҳамроев, тийкарғы рольлерди М.Насриддинов, Ш.Ҳамдамов, К.Мирходиев ҳәм басқалар шеберлик пенен атқарып шыққан.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.