2020-жыл 29-январьдан 17-майға шекем Россия Федерациясындағы «Гараж» заманагөй көркем өнер музейи тәрепинен шөлкемлестирилетуғын көргизбеде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи коллекциясындағы экспонатлар көргизбеге қойылады. Бул ҳаққындағы тийисли ҳүжжет жойбары нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында жәрияланды, деп жазады Kun.uz.
Атап өтилиўинше, бул Өзбекстанның бай мәдений ҳәм тарийхый мийрасын сырт еллерде кең үгит-нәсиятлаў, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасындағы халықаралық мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, дүнья жәмийетшилигин Өзбекстанның сийрек гезлесетуғын музей топламлары менен таныстырыў мақсетинде әмелге асырылады.
Көргизбе даўамында музей экспонатларының қәўипсизлиги тәмийинленеди.
Мәденият министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Россия Федерациясы Ҳүкиметинен музей экспонатларының қайтарылыўы ҳәм сақланыўын кепилликке алыўды тәмийинлеўи айтылады.
Мағлыўмат ушын, «Гараж» заманагөй көркем өнер музейине 2008-жылы Дарья Жукова ҳәм Роман Абрамович тийкар салған. Музей Москвадағы Горький бағында жайласқан болып, Москва музейлери арасында музейге келиўшилер саны бойынша бесинши орынды ийелейди. 2018-жылы усы музейге 818 мың адам барған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.