Бизге белгили, көплегеп абырайлы телеканаллардың дөретиўшилерди сыйлықлайтүғын  өз таңлаўлары бар.  “Mening yurtim” (My5) хәм  “Yoshlar” телеканаллары елимизде де әне усындай сыйлықлар менен сыйлықлаўды жолға койды. «Алтын кептер» деп аталған усы таңлаўда телевидение, көркем өнер хәм мәденият  және де  кино тараўы ўәкиллери сыйлықланады деп хабар бермекте xs.uz сайты.

2019-жылда  жемисли  мийнет  қылған дөретиўшилерди салтанатлы сыйлықлаў  байрамы елимиздиң саўлатлы  «Истиқлол» көркем өнер сарайында 4–декабрь күни болып өтеди.

Хош, «Алтын кептер»диң басқа сыйлықлардан өзгешелиги неде? Қызық тәрепи, «Алтын кептер» жеңимпазларын төрешилер жәмәәти анықламайды, керисинше оларды тамашагөйлердиң өзлери даўыс бериў жолы арқалы анықлайды. Ол ушын қатнасыўшылар бес басқыштан өтиўи керек

Биринши басқышта, ҳәр бир номинация бойынша 20 талабан кең жәмийетшиликке көрсетиледи ҳәм даўысқа қойылады (1-15-ноябрь)

екинши басқышта ең көп даўыс жыйнаған 10 талабан сайлап алынады ҳәм қайта даўысқа қойылады (16-20-ноябрь)

үшинши басқышта ең көп даўыс алған 5 талабан эфир арқалы тамашагөйлерге көрсетиледи ҳәм СМС арқалы  даўыс бериў жолы менен балл топланған (21-25-ноябрь)

төртинши басқышта ең көп даўыс алған 3 талабан эфир арқалы тамашагөйлерге көрсетиледи ҳәм даўыс бериў жолы менен балл жыйналады (26-ноябрь 3-декабрь саат 22:00 ге шекем)

Соңғы басқышта 3 талабанға СМС арқалы берилген даўыслардың саны есапланады ҳәм жеңимпаз 4-декабрь күни сыйлықлаў мәресиминде жәрияланады.

«Алтын кептер» сыйлығының номинациялары :

«Ең жақсы миллий сериал»

«Ең жақсы актёр»

«Ең жақсы видеоклип»

«Ең жақсы эстрада қосықшысы»

«Ең жақсы телебаслаўшы»

«Ең жақсы тележурналист»

«Ең жақсы ток-шоу»

«Ең жақсы саундтрек»

«Ең жақсы көрсетиў»

«Алтын кептер» диң арнаўлы сыйлықлары:

«Өзбек көркем өнериниң раўажланыўына үлкен үлеси ушын»

«Өзбек телевидениесиниң раўажланыўына қосқан үлеси ушын»

«Ең жақсы тренер»

Буннан тысқары, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте  «Ең жақсы концерт бағдарламасы», «Ең жақсы көркем филмь», «Жыл блогери», «Жылдың ең белсенди жасы», «Жылдың ең жақсы өнерменти», «Жыл инвесторы», «Жылдың ең жақсы дөретиўшиси», «Жылдың ең жақсы архитекоры», «Жылдың ең жақсы мақам атқарыўшысы», «Жыл сүўретшиси», «Жыл шыпакери»,

«Жылдың ең жақсы исбилермени» сыяқлы сыйлықда берилиўи нәзерде тутылған.

 

 Р.ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

ҚМУ журналистика тәлим-бағдарының 4-курс студенти

 Қарақалпақстан хабар агентлиги