25-октябрь күни шаштәрезханада ислейтуғын ҳаял өз-ара келип шыққан жәнжеллесиў ўақтында танысын өлтирип қойды. Бул ҳаққында xs.uz  сайты хабар бермекте.

25-октябрь күни Ангрен қаласы 5/5 кварталында жайласқан шаштәрезханада ислейтуғын Гули исмли 1994-жылы туўылған ҳаял Зоҳид (1999-жылы туўылған) атлы танысы менен өз-ара жәнжеллесиўи ақыбетинде Зоҳидтиң көкирек бөлимине бир мәрте урып, оны қасттан өлтирген.

Жүз берген жағдай бойынша қалалық прокуратура тәрепинен Гулиге Жынаят Кодексиниң 97-статьясы («Қасттан адам өлтириў») 1-бөлими менен жынайый ис ашылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги