Жүз берген өртти өшириўге 18 техника тартылған. Биринши бөлим ўақыя орнына жетип барғанда DINAR TEXTILE компаниясына қараслы өндирислик цехтың төбеси жанып атырғаны мәлим болған. Тезлик пенен көрилген ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт саат 00:30 да орап алынып, 02:45 те толық сапластырылған. Келип шыққан өрт ақыбетинде гезлемени қайта ислеў, өнимди сақлаў қоймаханасы ҳәм бояў цехларының және админстративлик имараттың төбеси ҳәм ишки бөлимлеринен шама менен 1500 кв метр майдан зыянланған. Бул ҳаққында gazeta.uz  сайты хабар бермекте.

25-октябрьден 26-октябрьге өтетуғын түнде Әндижанның Сай көшесинде жайласқан Киши санаат зонасы аймағындағы цехларда өрт келип шықты, деп хабар бермекте АЖМ ӨҚББ баспасөз хызмети.

Админстративлик имараттың 3-қабатындағы өртти өшириўге тартылған Әндижан ўәлаяты Өрт қәўипсизлиги басқармасы 1-санлы Кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлиминиң нәўбетши сменалары өртти өшириў экипажы бөлим командири Ж.Н. 2-қабатқа түсип кетиўи нәтийжесинде дене жарақатын алған. Оған биринши медициналық жәрдем көрсетилип, емлеўханаға алып барылғанына қарамастан қайтыс болған.

Жүз берген өрттен өндирислик цехтың шама менен 1200 кв метр майданы сақлап қалынған. Өрттиң келип шығыў себеби ҳәм материаллық зыяны анықланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги