Елимизде 25-октябрь-күни Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары күни кеңнен белгиленди.

Өзбекстан жынаятшылық көрсеткишине бола дүнья жүзи бойынша ҳәр жүз мың халық санына салыстырғанда жынаятлар саны ең аз болған мәмлекетлер онлығынан орын ийелеген.

Усы жылдың өткен дәўиринде республика аймағында жүз берген жынаятлар 25,9 процент, соның ишинде, жынаят-излеў бағдары бойынша 33,5 процент азайыўына ерисилди. Елимизде бар мәҳәллелердиң 4 мың 518 инде, яғный дерлик 50 процентинде улыўма жынаят жүз бермеди.

Бундай тынышлықты тәмийинлеў, халық мәплерине хызмет етиўди өзиниң миннети деп билетуғын ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң пидәкерли хызметлери нәтийжеси болып табылады.

Ташкент қаласында Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген салтанатлы илажда бул  айрықша атап өтилди.

Өзбекстаан Республикасы ишки ислер министри, генерал-лейтенант Пўлат Бобожонов байрам мүнәсибети менен система хызметкерлерин, ветеранларын қутлықлаў менен бирге тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында сөз етти.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, ишки ислер уйымлары сондай ислеўи керек, халық мәмлекеттен разы болсын. Әне усы талап системада әмелге асырылған ҳәм даўам етип киятырған реформалардың тийкары және мақсети болып хызмет етпекте.

Халық мәплерине хызмет етиў, шын мәнисиндеги халықшыл болыў ишки ислер уйымлары жумысының баслы өлшемине айланды.

Ишки ислер уйымларын халыққа және де жақынлатыў, оларға өз ўақтында ҳәм сапалы хызмет көрсетиў, пуқараларды тәшўишлендирип атырған машқалар менен мәселелерди орнында шешиў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы барлық аймақларда системалы және мәнзилли әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде узақта жайласқан елатлы пунктлерде қосымша бөлимше ҳәм таяныш пунктлери шөлкемлестирилди.

Жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилмекте. Пайтахтымыз және ири қала ҳәм районларда орайласқан видеобақлаў системасы арқалы халық көп жыйналған жерлерде жағдайды қадағалаў системасы жаратылды. Бул жойбарлар ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятларды ашыў, күш ҳәм қуралларды бөлистириў және жағдайдың турақлылығын тәмийинлеўде жоқары нәтийже бермекте.

Сондай-ақ, шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиўди күшейтиў, оператив-излеў, тергеў, профилактика, жол ҳәрекети ҳәм пост-патруль хызметлерин беккемлеў бойынша да салмақлы жумыслар әмелге асырылып атыр.

Илажда тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен Президентимиздиң пәрманына муўапық сыйлықланған 25 ишки ислер уйымлары хызметкерине мәмлекетлик сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Ишки ислер министри мәмлекетимиз басшысының ишки ислер уйымларына көрсетип атырған турақлы итибары ҳәм ғамхорлығы ушын барлық жеке қурам атынан миннетдаршылық билдирди.

Буннан тысқары, 26 хызметкерге «полковник» арнаўлы атағы берилди, сондай-ақ, 400 ден аслам хызметкер түрли уйымлардың сыйлықлары менен хошаметленди. Сондай-ақ, халықаралық спорт майданларында елимиздиң даңқын мүнәсип қорғап киятырған ишки ислер уйымлары хызметкерлери де хошаметленди.

Тараў хызметкерлери, ветеранлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасқан салтанатлы илажға көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы пайыз бағышлады.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Улуғбек Тошхўжаев қатнасты.

photo5305690864913329134.jpg

photo5303087225673722799.jpg

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы