Өзбекстан Республикасы Орайлық банки мәмлекеттеги алтын-валюта резервлери ҳаққындағы мағлыўматты (2019-жыл 1-октябрь жағдайына бола) жәриялады.

«Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, Орайлық банктиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында республиканың алтын-валюта резервлерин сақлаў ҳәм басқарыў белгиленген.

Алтын-валюта резервлерин есаплаў методикасы Халықаралық валюта фондының стандартлары тийкарында жүргизиледи. Алтын-валюта резервлериниң қурамы сырт ел валюта активлери ҳәм қуйма түриндеги монетар алтыннан ибарат.

Алтын-валюта резервлерин нәтийжели басқарыў мақсетинде Орайлық банк тәрепинен резервлердиң жалпы ҳәм анық баҳасының есабы жүргизиледи.

Безымянный.jpg

ӨзА