Google Нью–Йоркта өткерилген презентацияда өзиниң Pixel 4 ҳәм 4XL смартфонларын көрсетти, деп жазады kun.uz сайты.
Смартфонларға сәйкес түрде диагоналы 5,7 ҳәм 6,3 дюймли OLED -дисплейлар орнатылған. Батареяларының қуўатлылығы 2800 мАс ҳәм 3700 мАсти қурайды. Ҳәр еки қурылма оператив қуўатлылық алыў функциясына ийе. Олардың оператив яды 6 Гб, ишки яды болса 64 ямаса 128 Гб болып, Snapdragon 855 процессоры менен үскенеленген. Смартфонлар еки SIM-карта менен ислеўи мүмкин, айналары болса Gorilla Glass 5
Қурылмаларды бет көриниси жәрдеминде блоктан шығарыў мүмкин.
Буннан тысқары, смартфонларға радар да орнатылған. Қурылмаға қол тийгизбестен белги арқалы даўысты шығарыў ямаса пәсейтиў мүмкин.
Камералар 4K форматта видеоға алыў имканиятына ийе.
Диктофон инглис тилиндеги сөзлерди интернетке жалғанбай-ақ текстке айландыра алады.
Жаңа смартфонлардың баҳалары 799 ҳәм 899 доллар болып, 24-октябрьден сатыўға шығарылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги