15-октябрь күни күндизи Баку қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшылары бир-бирин қызғын қутлықлап, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, көп қырлы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының беккемленип атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Түркия Президенти Өзбекстан басшысын мәмлекетимиздиң Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине қосылғаны менен шын жүректен қутлықлап, бул қарардың еки тәреплеме байланыслар ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе кенлигин атап өтти.

Сөйлесиўлерде конструктив сиясий қарым-қатнасты даўам еттириў, экономика, саўда, инвестициялар, энергетика, түризм ҳәм басқа да бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары қатнасыўындағы биргеликтеги инвестициялық жойбарларды қоллап-қоллатлаў әҳмийетли екенлигин атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин көрип шықты.

 

ӨзА