Молла-Панаҳ  ЎАҒЫЙФ

            (1717-1797ж.ж)

Сәҳәр турып гезсем ашықлар елин,

Жуп қоса яр көрдим еки сийнеде.

Бириси қыз еди, бириси келин.

Жан қурбан әйлерем еккисине де.

 

Келин булақ суўдан бет-қолын жуўар,

«Бол тез, кетейик» деп бийкеши турар.

Қыз-келиннен, келин-қыздан да дилбар,

Жан қурбан әйлерем еккисине де.

 

Келин додағыдур Тәбриз әнары,

Елли-алтымыш түмен қыздың туўары,

Жәннетти нәйлесин булардың яры,

Жан қурбан әйлерем еккисине де.

 

Келинниң жағасы полат ийнели,

Қыздың жағасыдур шапыраз түймели.

Екеўи де бир-биринен ийбели,

Жан қурбан әйлерем еккисине де.

 

Ўағыйф дер, гүллерге бир бостан болса,

Бири султан болса, бири хан болса,

Бул ғәрип көксимде еки жан болса,

Мен қурбан әйлерем еккисине де.

 

Аўдарған:

Ибрайым ЮСУПОВ

1989-жыл.

 

   

Алиаға КУРЧАЙЛЫ

         (1928-1980 ж.ж)

Қозғалысты вокзал илгери,

Ышқынған сес жетти қайтадан.

Сапардаман төрт күннен бери,

Мүмкин емес қайтыўым саған.

 

Жол асығар…Қой, бул жүректи,

Мен нетемен ырққа көнбесе!

Түсип қалып, қайтты да кетти,

Шпал бойлап кеше өзиңе…

Аўдарған:

Жийенбай ИЗБАСҚАНОВ

1980-жыл