Ибрайым ЮСУПОВ
ХАЗАР САМАЛЛАРЫ
«КЕЛЕРСЕҢ, КӨРЕРСЕҢ»
(Нариман Гасанзадаға)
Таў басында тас қорған,
Тарийхын соң билерсең..
Халық оған ат қойған:
ˮКелерсең де көрерсең…ˮ
Мың еситкеннен көре,
Бир көрмеген, – өкинер.
Атам заманнан бери
Бул таў елин Шеки дер.
Тарлан қус баласындай,
Кеўил талпынар бүгин.
Шынарлар саясында
Саз ҳәм сәўбет бар бүгин.
Көркин де, намасын да
Ядда сақлап жүрерсең.
Шекиниң гөззаллығын
Келерсең де көрерсең.
Бийик Марқал таўлары,
Басында жатар қары.
Жигитлери бағ егер,
Жипек тоқыр қызлары.
– Достым Муртаза Садық!
Қолыңда тилла тарың.
Ләзгиге түскен жанан
Қандай жигиттиң яры?
– Кеўлиңе бек бол, мийман,
Ышқы азабын шегерсең.
Айтпадым ба мен саған:
ˮКелерсең де көрерсеңˮ…
Суў иш суўық булақтан,
Сести кетпес қулақтан.
Умыта алмай узақта,
Арзыў әйлеп жүрерсең.
Таў басында тас қорған:
«Гэлэрсэң дэ гөрэрсэң»…
КАФЕЗ ДАҒЫ
Ала қарлы Кафездағы,
Барсаң десе, бар боларсаң.
Көз қарасы, кеўил ағы,
Таза тутсаң зор боларсаң.
Жалғаннан айтып сөзиңди,
Қызартпағыл сен жүзиңди.
Бийсәўбет тутсаң өзиңди,
Ел ишинде сөз боларсаң.
Сәнемсиз Ғәриптиң ҳалы,
Саўылып ышқы висалы,
Ессе айралық самалы,
Излерине зар боларсаң.
Дәрт салып шайыр жанына,
Қалма аның обалына,
Аязийди қой ҳалына
Бийшараны қор қыларсаң.
* * *
Талачай бойында, Загаталада
Елпип-елпип есер бул жипек желлер.
Және көристик биз жазғы ҳаўада,
Қазанлықта өскен қырмызы гүллер.
Көрискели көп жыл арадан кешти,
Ашықлық саўдасы басларға түсти.
Хош ийисиңди урлап самаллар ести,
Келиң түсипсиз бул араға гүллер.
Сен деп, яр «яшқында» Фузуўлы өтти,
Вийдадий, Ўағыйфлар көп ғәззел битти.
Бул әжеп заманлар бизге несип етти,
Гөззал тәбияттың дилбары гүллер.
Бүлбил гүл ышқында шегерлер нала,
Ашықлық дәртине ким турар ара?
Байғус Нариманның кеўли сәтпара,
Аязийдиң дәртин сорамаң, гүллер…
* * *
Таў басына ақ булыттан
Ақ шатыр қурдым саған
Көйкөлдиң бойларында
Сени күтемен, жанан.
Кирип уйықла ақ шатырға,
Булытлар қойныңа кирсин.
Сени меннен қызғанып,
Жигитлер иши күйсин.
1989-жыл, Баку