Сәмед Вурғун

 

 

 ӘЗЕРБАЙЖАН

 

Өттим таў ҳәм отлақлардан,

Тырна көзли булақлардан.

Тыңлап көрип узақлардан

Аракстың аққан сестин,

Дос-яранды танып өстим.

 

Елге аян: сен жанымсаң,

Ата журтым, мәканымсаң,

Анам, туўған ўатанымсаң,

Айырылар ма кеўил жаннан?

Әзербайжан, Әзербайжан!

 

Мен бир перзент, сен бир ана,

Емдим сүтиң қана-қана.

Сен көлимсең, мен бир сона;

Күним, ақлы данамсаң сен,

Мениң пушты—панамсаң сен.

 

Тек сеннен айра түскенде,

Мен боларман ғамға бенде.

Шашларыма ақ түскенде

“Умытты” деп еллер мени,

Қыйнамасын желлер мени.

 

Таўларыңның басы қардур,

Орайпегиң булытлардур.

Уллы бир өтмишиң бардур,

Биймәлимдур жасың сениң,

Не көрмеген басың сениң?

 

Атың түсти көп тиллерге,

Не журтларға, не еллерге.

Нәсиллерден нәсиллерге

Өткен даңқ—абырайың бардур.

Улы-қызың бахтыярдур.

 

Кеўлим ушар бул дүзлерге,

Ала көзли күндизлерге.

Қара қаллы ақ жүзлерге

Тәрип етип жазсам нама,

Жазған сайын жасараман.

 

Бир тәрепиң Каспий—Хәзәр,

Жасыл бас соналар жүзер.

Қыялым шарқ урып гезер

Гә Муған, гә Елдар тусқа.

Мәнзил узақ, өмир қысқа.

 

Сайлар жупар ийсин шашар,

Қыснақларың зейин ашар.

Марал маңырап, кийик қашар,

Қандай сулыў таўың сениң!

Жап-жасыл жайлаўың сениң.

 

Кел, жүрип өт сен булманнан,

Астарадан, Ленкораннан.

Африкадан, Ҳиндистаннан

Қонақ болып келер куслар —

Еркинликке шыкқан дослар…

 

Лимонлары алтын сары,

Ырғалысқан буўдайлары.

Таўларының аппақ қары

Жаралған қәҳәрли қыстан.

Қар ерисе гүллер бостан.

 

Ленкоранның гүли қандай,

Сулыў әзер қызларындай.

Демлеп жибер, қәне, көк чай,

Анамның дилбар келини!

Шаршағаным шықсын мениң.

 

Пахтам абзел ақ алтыннан,

Телеклерим дәнге толған.

Бир жүзим же ҳәр солқымнан,

Қуўат болсын қолларыңа,

Қайыл бол ҳәр не барыма.

 

Жалын тарап, салып ноқта,

Жүйрик атқа мин Қазақта.

Ақ көбик болып узаққа

Алып ушар ол арғымақ.

Кәпез таўдан Күйкөлге бақ!

 

 

Эй, азат күн, азат инсан,

Иш гүлбәҳәр булағынан.

Мейил етсең заўқы-сайран,

Таяр шынар көйлеңкеси.

Саў бол, әй, қуяш үлкеси!

 

Кеўлим ушар Қарабағқа,

Гә ол жаққа, гә бул жаққа.

Қайда барсаң да қулаққа

Еситилер саз муқамы.

Сенсең шийрин сөз ўатаны.

 

Жигитиңде күши нардың,

Бесигисең арыўлардың.

Мәканы шын ашықлардың,

Нурлы күнниң қушағысаң,

Илим, өнер ошағысаң.

 

Бунда Низамийден гәплер,

Физули дер шын жүреклер.

Колың қәлем, сийнең дәптер,

Өлмес дәстанларың бардур,

Айтылған сөз ядыгардур.

 

Тил жетпес айтыўға бәрин,

Әлўан байлық жыр қыларым.

Бурқ-бурқ еткен бурғыларын

Нағра тартар боз шөллерде,

Нефть кәни бар бул жерде.

 

Саябанлы қалың терек,

Вышкалары булытты тиреп,

Бизиң Баку—бизиң жүрек,

Қуяш қусап жайнар өзи,

Саҳралардың көрер көзи.

 

Гөззал ўатан! Алдың дәрман

Қызыл туўлы алтын таңнан.

Сонда мен де туўылғанман,

Қушағыңда еркин өстим, өстим.

Қапысысаң сен Шығыстың!

 

 

Халық ушын гүрес ышқында,

Мәрт жолбасшы жаслығында

Көп жүрди көшеңнен бунда;

Әрман етип бул күнлерди,

Жумсады жаслық жигерди.

 

Тыңла мени, гөззал ўатан!

Айырылар ма кеўил жаннан?

Сен демимсең, ҳәм суў, ҳәм нан,

Мәңгиликке бол сен аман,

Әзербайжан, Әзербайжан!

 

Аўдарған:

Ибрайым ЮСУПОВ