Усы жылдың 24-сентябринде Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен тастыйықланған «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорабанлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы режениң талапларын орынлаў мақсетинде БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен жәрияланған «25-ноябрь – Халықаралық ҳаял-қызларға зорабанлық көрсетиўди сапластырыў күни» мүнәсибети менен Тахтакөпир районында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Тахтакөпир районлық Ишки ислер бөлиминиң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими, районлық Ҳаял-қызлар комитети биргеликте «Биз зорабанлыққа қарсымыз!» сүрени астында акция шөлкемлестирди.

Акция шеңберинде 7 жастан 70 жасқа шекемги 30ға шамалас ҳаял-қыз өз қәлеўи менен спорттың 100 метрге жуўырыў түри бойынша беллести. Онда Диларам Базарбаева биринши,  Гүлзар Имметова екинши, Дилбар Ҳәкимниязова үшинши орынды қолға киргизди. Қатнасыўшылар арасында ең жасы үлкен Айсәнем Тилеўмуратова номинация жеңимпазы болып, ҳаял-қызлар комитети тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Акция 3-санлы қәнигелестирилген мектепте жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў мәселелерине бағышланған семинар-тренинг пенен даўам етти. Илажда «Маҳалла» телеканалы директорының орынбасары Мавлюда Рауфова, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бөлиминиң баслығы Нәзийра Турдымуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар, ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиўде бирге ислесиўди күшейтиў, оларға жаратылып берилип атырған шараятлар, алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Семинар-тренингде қатнасқан пуқаралар жыйынларының ҳаял-қызлар бойынша қәнигелери, нуранийлар, психологлар, оқыўшы қызлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.