2019-жыл 12-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилисиниң жумысы даўам еттирилди.

Мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Сенаторлар Наманган ўәлаятының Наманган қаласы Тўрақўроғон, Косонсой, Наманган ҳәм Янгиқўрғон районлары, Әндижан ўәлаятының Хонобод қаласы ҳәм Қўрғонтепа районы шегараларын өзгертиў, сондай-ақ, Әндижан ўәлаяты Бўз райоынының атамасын өзгертиў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты.

Атап өтилгениндей, усыныс етилип атырған өзгерислердиң нәтийжесинде Наманган ҳәм Әндижан ўәлаятларының социаллық-экономикалық потенциалын буннан былай да арттырыў, халық ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў имканияты пайда болады.

Бул өзгерислер усы аймақлар ушын әҳмийетли болған ўазыйпаларды шешиўде, соның ишинде, аймақлардың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып дүзилетуғын тастыйықланған жергиликли бағдарламаларды толық әмелге асырыўда әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди. Додалаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығының және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының мәмлекетте терек ҳәм тоғайлықларды кесиўде нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи ҳалаты ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Мәмлекетимиздиң «жасыл липасы», әсиресе терекзарлар ҳәм тоғайлар экосистеманың тең салмақлылығын, ҳаўаның тазалығын, керек болса, халықтың денсаўлығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынлығы атап өтилди. Әне усы көзқарастан оларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм көбейтиў керек. Бирақ кейинги ўақытлары ҳәр жерде тереклердиң қадағалаўсыз кесип тасланыўы себепли жасыл өсимликлердиң фонды, әсиресе әсирлер даўамында сақланып киятырған тереклердиң саны кескин азаймақта, бул болса ҳақылы түрде жәмийетшиликтиң қарсылықларын келтирип шығармақта. Атап айтқанда, Олий Мажлис Сенатына усы мәселе бойынша мүрәжатлар келип түспекте. Бул тема социаллық тармақларда да кең додалаўға себеп болды. Соны есапқа алған ҳалда бул мәселе жалпы мәжилистиң күн тәртибине киргизилди.

Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетлери тәрепинен тоғай фондына кирмейтуғын жерлердеги терек ҳәм шақалардың кесилиўи менен байланыслы жағдайлар үйренилгенинде бул бағдарда машқалалар бар екенлиги анықланды. Соның ишинде, 2017-жылға салыстырғанда тереклердиң кесип тасланыўы 56 процентке көбейди. Ҳәзирги ўақытта тереклерди кесиў менен байланыслы 3 мыңнан аслам ҳуқықбузарлықлар анықланды ҳәм бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 66 процентке өсти.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырыў бойынша тәсиршең илажларды көриў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлердиң талаплары ушын жер ажыратыўда бар тереклерди басқа жерге көширип егиў ямаса терекзар болмаған аймақларға жаңа тереклерди егиў әмелиятын енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тоғай хожылғы мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиасы тереклерди дизимге алыў бойынша методикалық қолланба ислеп шығыў, сондай-ақ, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўға қаратылған түсиндириў жумысларын күшейтиўге итибар қаратыў тапсырылды. Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарында өз сәўлелениўин тапқан басқа да анық тәсиршең илажлар да билдирилди.

Буннан кейин парламенттиң жоқары палатасы ағзалары Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумысы жумысы бойынша есабы ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилиўинше, быйыл январь-август айларының жуўмағы бойынша ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў прогноз көрсеткишлери артығы менен орынланған. Соның ишинде, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 5 триллион 137 миллиард сумды (109,5 процентти) қурады, 3 триллион 541 миллиард сумлық турмыслық тутыныў товарлары ислеп шығарылды.

Мәмлекет басшысының 2017-2019-жыллардағы сапарлары даўамында ўәлаятты жедел социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынғаны атап өтилди. Соның ишинде, бул дәўирде 14,7 триллион сумлық қаржылардың өзлестирилиўи есабынан 1252 жойбар әмелге асырылды, 26275 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди. Исбилермелердиң барлық түрлерин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде быйыл 4622 исбилерменлик субъект шөлкемлестирилди. Бул болса өткен жылға салыстырғанда өсиў пәти еки есени қурағанын аңлатады. Ўәлаятқа тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем 235,0 миллион долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Бул көрсеткиш 2018-жылға салыстырғанда 3,1 есеге өсти.

Соңғы үш жылда ўәлаяттың халық депутатлары жергиликли Кеңеслери сессияларында ҳәм турақлы комиссиялардың мәжилислеринде атқарыўшы ҳәкимлик уйымларындағы 812 лаўазымлы шахстың есаплары тыңланды, Бул болса, өз гезегинде, реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге жәрдемлеседи.

Соның менен бирге, Наманган ўәлаятында аймақларды раўажландырыўға ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы нәтийжелилигин арттырыўға унамсыз тәсир көрсететуғын көплеген машқала ҳәм кемшиликлер бар. Усы мүнәсибет пенен жергиликли ҳәкимият ўәкиллик уйымларының белсендилигин арттырыў, олардың жумысына жаңа усыллар ҳәм көзқарасларды енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

шешилиўи керек болған машқалалар арасында республикалың ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе болған жолларды оңлаў, мәмлекетлик әҳмийетке ийе Ферғана айланба жолын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Бул жолдан 2018-жылда 25-30 мың автотранспорт қуралы, бүгинги күнге шекем болса 30-35 автотранспорт қуралы пайдаланды, бирақ әмелдеги нормаларға муўапық бул жол тек ғана 10-15 мың автотранспорт қуралын өткериў имканиятына ийе.

Усы жылдың өткен дәўиринде бул жолда аянышлы ақыбетлерге алып келген көплеген жол транспорт ҳәдийселериниң жүз бергени, олардың көпшилиги қарама-қарсы тәрепке шығып кетиў менен байланыслы екенлиги атап өтилди. Қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм автотранспорт қуралын басқарыўшыларға қолайлықлар жаратып бериў ушын жөнелистиң қатнаў бөлимлерин қайта қурыў ҳәм екеўден төртеўге кеңейтиў және қорғаныў жол тосықларын орнатыў зәрүрлиги ҳаққында сөз болды. Бул ўазыйпаны қаржыландырыў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў әҳмийетли екенине итибар қаратылды.

Ўәлаятта халықтың суў тәмийнаты менен байланыслы белгили машқалалары сақланып қалынбақта. Соның ишинде халықтың 37,8 проценти таза ишимлик суўы менен тәмийинленбеген. Бар болған 508 суў алыў объекти қуўатлылығының тек ғана 46 процентинен пайдаланылмақта, суў қудықларының 13 проценти оңлаў жағдайында, 8 проценти пайдаланыўға жарамсыз ҳалға келген. Жергиликли ҳәкимликлердиң мелиоратив жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў менен байланыслы басламалары жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренилмей атыр.

Додалаў ўақтында сенаторлар тәрепинен аймақты буннан былай да социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жумысын жетилистириў бойынша анық усыныслар билдирилди. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, сенаторлар ата-аналарының қарамағысыз қалған Мириўбет үйинде тәрбияланған жаслардың жәмийетке социаллық бейимлесиўиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Сенаттың тийисли комитетлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты менен биргеликте өткерилген үйрениў ҳәм таллаўлар Мириўбет үйинде тәрбияланған балаларды жәмийетке социаллық бейимлестириўге бир қатар машқалалар бар екенлигин көрсетти. Усы мүнәсибет пенен бундай сораў жибериў зәрүрлиги жүзеге келди. Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соннан кейин сенаторлар тәбийғый газ өткизгишлери системасының жағдайы ҳәм усы тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселесин көрип шықты.

Атап өтилгениндей, халық пенен сөйлесиў, газ өткизгишлери системасының жағдайын тексериў, тийисли нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының орынланыўын таллаў ўақтында бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер анықланды. Усы мүнәсибет пенен парламентлик сораў жибериў зәрүрлиги жүзеге келди. Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенаты ағзалары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң академиялық лицейлеринде нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген паламентлик сораўдың нәтийжелерин додалады.

Олий Мажлис Сенатының усы жыл 21-июньдеги тийисли қарары менен бул парламентлик сораў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилди. Сораўға 2019-жыл 20-августта берилген ҳәр тәреплеме жуўаптан орын алған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий илажлар көрилгенлиги атап өтилмекте. Соның ишинде, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте академиялық лицейлерде алдынғы педагогикалық технологиялар тийкарында оқытыўды шөлкемелстириў, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў, усы билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылды ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен тастыйықланды. Бул ҳүжжетте белгиленген мақсетли ўазыйпаларда Өзбекстан Республикасының бир Нызамына, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң бир неше қарарлары және уйымлық нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер киргизиў нәзерде тутылған. Додалаўлардың жуўмағы бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин додалады.

Олий Мажлис Сенатының усы жыл 4-майдағы тийисли қарары менен бул парламентлик сораў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилди.

2019-жыл 3-августта берилген ҳәр тәреплеме жуўаптан орын алған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий илажлардың көрилгени атап өтилген. Атап айтқанда, парламентлик сораўда билдирилген талапларды орынлаў бойынша тийисли илажлардың режеси, соның ишинде, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўының, жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер пайда болыўының және тарқалыўының алдын алыў илажлары тастыйықланды. Олардың өз ўақтында орынланыўы қадағалаўға алынды. Додалаў дуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы судьяларының арнаўлы кийиминиң түсиндирилиўи және үлгисин көрип шықты ҳәм тастыйықлады.

Олий Мажлис Сенаты ағзалары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты, оның жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилиси ўақтында 31 мәселе, соның ишинде, 19 нызам, Министрлер Кабинетине тийисли 4 парламентлик сораў көрип шығылды.

Жигирма үшинши жалпы мәжилистиң жумысы биринши мәрте онлайн режиминде Олий Мажлис Сенатының рәсмий сайты арқалы ҳәм оның социаллық тармақларындағы бетлеринде трансляция етилди. Жалпы мәжилисти сәўлелендириў ушын Олий Мажлис Сенатының Мәлимлеме хызмети тәрепинен мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының 130 дан аслам ўәкили аккередитацияланды.

Сенаторлар тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикасы нызамлары демократиялық реформалар ҳәм жаңаланыўларды үзликсиз әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын және де беккемлеўге, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўге қаратылғаны атап өтилди. Олий Мажлис Сенаты тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўы үстинен парламент, депутатлар ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың буннан былай да күшейтилиўи нәзерде тутылмақта.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА