21-октябрь – өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Инсан туўылғаннан баслап ата-анасының меҳри, шийрын тили, ҳәййиўи менен мухаббатын ана тилинде еситеди, сезинеди. Дәслепки сөзлерин, ой-пикирин, қоршаған орталық ҳаққындағы ойлаўларын усы тилде билдиреди. Мине соның ушын болса керек, ҳәр бир инсанның өз ана тилине болған меҳир-мухаббаты өзгеше, ол инсанның қәлбинде, жүрек төринде жасайды. Соның ушын да ҳәр бир инсан ана тилин қәдирлеўи, оның тазалығын сақлаўға, раўажланыўына өз үлесин қосыўы шәрт. Өйткени уллы ойшыл ҳәм педагог Абдулла Авлоний айтқанындай «ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин көрсететуғын турмыс айнасы тил ҳәм әдебияты болып есапланады, миллий тилди жойтыў миллеттиң руўхын жойтыў менен тең». Ҳақыйқатында да, тилди шубарлап сөйлеў, орынсыз сырттан келген сөзлер менен сөгислер ҳәм ғарғыс сөзлер тилимиздиң раўажланыўына урылатуғын балта есапланады.

Соны да умытпаўымыз керек, инсанның ана тилине болған меҳир-мухаббатын арттырыўда, әлбетте, китапқумарлық мәдениятының да орны оғада гиреўли. Өйткени, ҳәр түрли көркем, публицистикалық ҳәм илимий характердеги шығармаларды оқыў процессинде оқыўшының санасында ана тилине болған, оың гөззаллығы ҳәм сулыўлығына болған меҳри де басқышпа-басқыш раўажланып барады, өз ана тилинде қәтесиз жазыў ҳәм сөйлеў көнликпеси қәлиплеседи.

Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи де аңсатлық пенен болған жоқ. XX әсирдиң 80-жылларында басланған ҳәрекетлер нәтийжесинде, 1988-жылға келип бир қатар илимпазларымыз тилимиздиң ҳуқықларын тиклеў жолындағы қорқпастан билдирген пикирлери менен баспасөзде көринис берди. Солай етип, 1989-жыл 21-октябрьде «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. 1995-жыл 21-декабрьде қайта редакцияланған бул тарийхый нызам мазмун-мәниси ҳәм социаллық жақтан оғада әҳмийетли. Ҳәр бир пуқараның мәмлекетлик тил ҳәм ол ҳаққындағы белгили бир билимлерге ийе болыўы да пайдадан жырақ емес, әлбетте.

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам басқа миллет ҳәм халықлардың тиллерине де ҳүрмет ҳәм итибарда болыўға, кеңпейиллик принциплерине ийтермелейди: «Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи республика аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың өз ана тилин қолланыўдан ибарат конституциялық ҳуқықларына тосқынлық етпейди» (2-статья). «Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик тилди үйрениў ушын барлық пуқараларға шараятлар және оның аймағында жасайтуғын миллетлер ҳәм халықлардың тиллерине иззет-ҳүрмет пенен қатнаста болыў тәмийинленеди…» (4-статья). Яғный айтғанда, ана тили басқа тил болған, басқа тиллерде сөйлесетуғын адамларға сөйлесиўди мәмлекетлик тилде шөлкемлестириў бойынша усыныс бериў ямаса басым өткериў нызам менен қадаған етиледи. Инсан өз ана тилине қандай қатнаста болса, басқа тиллерге де сондай қатнаста болыўға шақырады.

Бәршемизге өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң отыз жыллығы қутлы мүбәрек болсын!

 

Олимжон ЕШИМБЕТОВ,

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты

өзбек тили кафедрасының оқытыўшысы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги