Өзбекистан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бирин-бири қутлықлады.
Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаевтың қутлықлаўында усы тарийх жағынан қысқа дәўирде еллеримиздиң өз-ара бирге ислесиўи бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилген.
«Бүгинги күнде Қазақстан ҳәм Өзбекистан сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме көп қырлы өз-ара байланыслардың үлги моделин көрсеткен ҳалда, пүткил Орайлық Азия регионының буннан былай да раўажланыўын тәмийинлейтуғын беккем тийкар жаратпақта, деп атап өтиледи қутлықлаўда. – Быйыл Сизиң Астана қаласына сапарыңыз ҳәм мениң Ташкентке сапар етиўим еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге үлкен үлес қосты. Олардың нәтийжелери қатнасықларымызды сезилерли дәрежеде кеңейтип, бирге ислесиўимиздиң жаңа тийкарғы бағдарларын белгилеп берди».
Нурсултан Назарбаев Қазақстан ҳәм Өзбекистан арасындағы нәтийжели стратегиялық шериклик әсирлер даўамында дослық ҳәм татыўлықта жасап киятырған халықларымыздың абаданлығы жолында буннан кейин және де жедел раўажланып баратуғынына беккем исеним билдирген.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевтың қутлы сәне – дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында былай делинеди: «Шынында да тарийхый бул әҳмийетли ўақыя еллеримиз арасында дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланысларын беккемлеў, Мәңги дослық ҳәм Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнамалар тийкарында өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға беккем тийкар жаратты».
«Быйыл болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлар менен сөйлесиўлер Өзбекистан — Қазақстан қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге имкан жаратты, оларды анық әмелий мазмун менен байытты. Табыслы және нәтийжели өз-ара байланыслардың заманагөй басқышы туўысқан өзбек ҳәм қазақ халықларының мәплерине толық жуўап береди, пүткил Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди», деп атап өтиледи қутлықлаўда.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр тәреплеме, соның ишинде, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги байланыслар буннан кейин де жедел кеңейип ҳәм раўажланып баратуғынына беккем исеним билдирген. «Бул еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық, жақын қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын избе-из беккемлеўге хызмет ететуғыны гүмансыз», деп атап өткен.
ӨзА