USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 7 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БМШ РАЎАЖЛАНЫЎ БАҒДАРЛАМАСЫ ТУРАҚЛЫ ЎӘКИЛИНИҢ РЕСПУБЛИКАМЫЗҒА САПАРЫ

 

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан ҳүкимети, БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм ЮНЕСКОның «Турақлы аўыл аймақларының  раўажланыўын қоллап-қуўатлаў арқалы Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигиниң әҳмийетли машқалаларын шешиў» бирликтеги  жойбардың басланыўына бағышланған мәресим болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска тийкарынан халықтың турмыс шараятын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, аўыл халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, экотуризмди раўажландырыўға бағдарланған жойбардың мақсет және ўазыйпаларына тоқтап өтти. Бул Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фонды тәрепинен қаржыландырылып атырған биринши жойбар болып, оның улыўма баҳасы 1 миллиард 463,9 мың АҚШ долларын қурайды.

-Аралбойы регионына жәрдем көрсетиў мәселеси БМШРБ ушын айрықша әҳмийетке ийе болып, экологиялық апатшылық ақыбетлерин сапластырыўға үлесимизди қосыўды даўам еттиремиз,-дейди турақлы ўәкил Матильда Димовска.-Бул бағдардағы бирге ислесиўге жаңаша қатнас Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аралбойы аймағында экологиялық инновациялар  ҳәм технологиялар зонасын жаратыў басламасына тийкарланады. Сонлықтанда, биз регионда турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын инновациялық шешимлерди әмелге асырыў бойынша жәҳән тәжирийбесин усынамыз.

Жойбар шеңберинде Тахтакөпир районы «Бөршитаў» аўыл пуқаралар жыйынының «Таза қоныс» аўылындағы суўды душшыландырыўшы шақапшада ири оңлаў жумыслары алып барылып, «Белтаў» аўылына ҳәм  «Мүлк» аўыл пуқаралар жыйынына суў тармағы тартылады.  Нәтийжеде усы аймақлардағы 2231 адам таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди. Сондай-ақ, 70 жаңа жумыс орнын жаратыў, тоғай хожалығы ҳәм өндирислик кооператив жумысларын жетилистириў нәзерде тутылған. Районда киши бизнес ҳәм экотуризмди раўажландырыў арқалы көпшилик шаңарақларға дәрамат алыў имканияты жаратылады.

Фондтың жумысында қатнасыўшы  шөлкемлер тәрепинен  улыўма баҳасы 4,23 миллион АҚШ долларына тең болған бес жойбар усынылған еди. Өзбекстан ҳүкимети, БМШ мәкемелери, донорлар-Европа Аўқамының  Өзбекстандағы делегациясы, Японияның елшиханасы, жергиликли МКШ ўәкиллеринен ибарат Басқарыў кеңеси тәрепинен жойбар усыныслары үйренип шығылғаннан кейин улыўма баҳасы 3,085  миллион АҚШ долларына тең еки жойбар тастыйықланды.

Илаж шеңберинде Бейимлесиў қоры ҳәм Өзбекстан Ҳүкиметиниң «Өзбекстанның қурғақшылық районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының ықлымға шыдамлылығын тәмийинлеў» жойбары тийкарында шөлкемлестирилген жайлаўларды раўажландырыў бойынша өндирислик кооперативлерге аўыл хожалығы техникаларын тапсырыў салтанаты болды. Атап айтқанда, Тахтакөпир районындағы «Жаңадәрья жайлаўы», Бозатаў районындағы «Еркиндәрья жайлаўы» ҳәм «Порлытаў жайлаўы» өндирислик кооперативлерине жаңа техникалар тапсырылды.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Бейимлесиў қорының қаржыландырыўындағы бул жойбардың мақсети, республикамыздағы қурғақшылыққа ең көп дуўшар болатуғын аймақларда ықлым өзгерисине шыдамлы дийқаншылық ҳәм шарўашылық хожалықларын жаратыўдан ибарат. Жойбардың жәрдеми менен республикамызда 10 жайлаў кооперативи шөлкемлестирилди. Олардағы шарўа малларының саны бүгинги күнге 2201 басқа көбейди. Өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетине 2, жаңадан шөлкемлестирилген жайлаў кооперативлерине 6 заманагөй техника, от-шөп жыйнаўшы үскене, суў насосы берилген еди. Әлбетте, бул бағдардағы бирге ислесиў даўам ететуғынлығы атап өтилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили басшылығындағы делегация Тахатакөпир ҳәм Мойнақ районларында болып, әмелге асырылып атырған жойбарлар менен жақыннан танысты ҳәм алдағы ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.