Усы жыл 26-сентябрь күни  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска басшылығындағы топар еки күнлик сапар менен республикамызға келди.

Топар ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болды.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды елимизге сапары менен қутлықлап, Өзбекстандағы БМШтың Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Арал апатшылығының ақыбетинен жәбир көрген халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында көрсетилип атырған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, Арал апатшылығы сәўлелендирилген картаны көрсеткен ҳалда, жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратты. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондының шөлкемлестирилиўи халқымыз тәрепинен айрықша қанааатланыўшылық пенен күтип алынды.

Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарындағы режелерге тоқтап өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.