Быйыл республикамызда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларын сайлаўды өткериў ушын 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларын сайлаўды өткериў ушын 65 аймақлық сайлаў округи дүзиледи. Жергиликли Кеңеслерге сайлаўды өткериў ушын 417 сайлаў округлери дүзилиўи күтилмекте. Ҳәр бир сайлаў округинен бир депутат сайланады.

Нызамда белгиленген нормалар шеңберинде жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын сайлаў округлериниң саны тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен халықтың, сайлаўшылардың саны, аймақ ҳәм бас­қа да жергиликли шараятлардан келип шыққан ҳалда белгиленеди.

 

Бул мағлыўматлар усы жыл 26-сентябрь күни Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминде елимизде декабрь айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў мәселелери бойынша өткерилген дөгерек сәўбетинде атап өтилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Журналистлер аўқамының басшылары, қәнигелери, республикамыздағы 5 сиясий партияның ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер быйылғы сайлаўдың әҳмийети, Өзбекстан Республикасының Сайлаў Кодекси, «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы ҳәм оның мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, сайлаў ҳәм оның әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм сайлаўдың жоқары дәрежеде өтиўин тәмийинлеўде ғалаба хабар қуралларының орны айрықша. Сонлықтан, усы сиясий процессте ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери белсендилик көрсетиўи, таярлаған материалларын анық фактлерге тийкарланып, қалыс түрде жазыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Себеби, бурынлары сайлаўлар 5 нызам ҳәм 40 қа шамалас нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерге тийкарланып әмелге асырылған болса, быйылғы сайлаўда тийкарғы сүйенетуғын ҳәм қолланба ететуғын ҳүжжет бул – Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси, Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм басқа да усы сайлаўға байланыслы қабыл етилген қарар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта сайлаўларға таярлықлар көриў барысында Орайлық сайлаў комиссиясының жумыс ислеў регламенти, ағзаларының ўазыйпалары ҳәм режелери белгилеп алынды.

Сайлаў күни республикамыз бойынша он сегиз жасқа толған 1 миллион 100 мыңнан аслам пуқаралардың сайлаўға қатнасыўы күтилмекте.

Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди сайлаў комиссиялары ашық-айдын түрде әмелге асырады.

Сайлаў комиссиялары пуқараларды өз жумыслары, сайлаў округлери, участкаларының дүзилгенлиги, сайлаў комиссияларының қурамы, олардың жайласқан орны ҳәм жумыс ўақты ҳаққында хабардар етип барады. Сайлаўшылардың ҳәм сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими менен таныстырады, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Жоқарғы Кеңес депутатлығына, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар, сондай-ақ, даўыс бериў ҳәм сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды мәлим етеди.

Ғалаба хабар қураллары сайлаўға таярлықтың барысын ҳәм сайлаў қалай өтип атырғанын жәриялап барады.

Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериў бөлмелеринде ҳәм даўысларды санап шығыўда өз талабанларын усынған сиясий партиялардан, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасады.

Дөгерек сәўбетинде сайлаўды өткериўге байланыслы илажларды сәўлелендириўде пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(А.Оразовтың түсирген сүўретлери)