Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 2 бала өзин қолайсыз сезген. Балалар медициналық тексериўден өткерилгенинде оларға аўқаттан зәҳәрлениў диагнозы қойылған. Және 9 балада аўқаттан зәҳәрлениў итималы анықланған.

Ташкент ўәлаяты Бекабад қаласындағы 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде балалар аўқаттан зәҳәрленди. Жүз берген жағдай бойынша ўәлаят ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети баянат пенен шықты, деп жазады togri.uz сайты.

Балалар шыпакери тәрепинен медициналық тексериўден өткен балаларға аўқаттан зәҳәрлениў диагнозының қойылғаны ҳәм қалалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасына жатқарылғаны айтылмақта.

Ҳәзирги ўақытта балалардың жағдайы қанаатландырарлы болып, шыпакерлердиң бақлаўында. Жүз берген жағдай бойынша ишки ислер ҳәм прокуратура уйымлары тәрепинен тийисли тексериў жумыслары алып барылмақта дейиледи хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги