Пуқараларды пахта теримине тартқаны ушын ҳәким жәриймаға тартылды, бул ҳаққында Мийнет министрлигиниң баспасөз хызмети «Халқ сўзи»не мәлим етти, деп жазады xs.uz cайты.
Атап өтилиўинше, Хорезм ўәлаяты Боғот районының ҳәкими О.Холбоев, Боғот районы қаржы бөлиминиң баслығы Ж.Рўзметов және Боғот районы абаданластырыў басқармасының баслығы А.Авезовқа мийнет нызамшылығының нормаларын бузғанлығы ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийкарланып 2 230 000 сумнан 6 690 000 сумға шекемги, жәми 15 610 000 сум муғдарында жәрийма белгиленди.
«Егер сизди пахта терими ямаса басқа бир жумысларға мәжбүрлесе ямаса сол сыяқлы жағдайға дус келсеңиз, Мәмлекетлик мийнет инспекциясының 1176 қысқа номерлерине, dmi.mehnat.uz сайты ямаса mehnathuquqbot Телеграм ботына мүрәжат етиң!», дейиледи министрликтиң мәлимлемесинде.
Қарақалпақстан хабар агентлиги