Алдаўшылар заманагөй технологиядан пайдаланған ҳалда көз көрип, қулақ еситпеген урлықты әмелге асырмақта, деп жазады xs.uz сайты.

-Олардың ғәрезли нийетлери сол дәрежеге жеткен,-дейди ўәлаят ИИБ баспасөз хызметиниң баслығы Ўктам Усмонов.- ҳәттеки операция ямаса емлениў  ушын социаллық тармақлар арқалы жәрдем сораған пуқаралардың есап бетиндеги пулларын шешип алыўдан да қайтпай атыр.

Және бир түри «OLX» саўдасына қойылған буйымды сатып алыў нийетинде екенлигин айтып, пул өткериў ушын ийесинен пластикалық картаға байланыслы мағлыўматларын сорайды. Қалғаны болса техниканың жумысы.

Сондай-ақ, +371 ҳәм +375 +381 номерлеринен қоңыраў етпекте. Бунда тек ғана шақырыў жибереди. Егер пуқара оларға қайта қоңыраў етсе, ямаса олардың қоңыраўына жуўап берсе, 3 секунд ишинде контактларын көширип алады. Егер пуқараның телефонына банк картасы жалғанған болса, оны да шешип алады.

Усы күнге шекем Наўайы қаласы аймағында усындай түрдеги 7 жынаят исленип, оның нәтийжесинде пуқараларға дерлик 38 миллион сум материаллық жыян жеткерилди.

Бул жағдайлар бойынша айыпкерлер анықланып, Өзбекстан Республикасы ЖКниң тийисли статьяларына муўапық ашылған жынаят ислери бойынша тергеў ҳәм сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги