Жүз берген ҳәдийсе ақыбетинде 5 адам қайтыс болған, 4 пуқара аман қалған. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша жынаят кодексиниң 266-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен жынайый ис ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

25-сентябрь күни таңда Қашқадәрья ўәлаятында «Дамас» маркалы еки автотранспорт қуралының соқлығысыўы ақыбетинде аянышлы жол транспорт ҳәдийсеси жүз берди. ЖТҲ ақыбетинде жәбирленгенлер ҳәм қурбан болғанлар бар, деп жазбақта gazeta.uz сайты.

ЖТҲ Қарши районындағы Хонобод аўылынан шығатуғын екинши дәрежели жолдың «Қарши-Шаҳрисабз» жолына тутасқан бөлиминде жүз берген. Қарши районы Хонобод аўылының турғыны Қ.А.(1997 ж.т.) басқарыўындағы «Дамас» «Қарши-Шаҳрисабз» жөнелисинде ҳәрекетленип баратырғанында қарама-қарсы тәрептен киятырған пуқара Э.Ҳ. басқарыўындағы «Дамас» пенен жоқары тезликте соқлығысқан. Нәтийжеде күшли өрт келип шыққан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги