Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Дин ислери бойынша қәнигеси Нурылла Жамалов, сондай-ақ, бирқанша мәкеме ҳәм шөлкемлерден жуўапкерлер өз баянатлары менен қатнасты. Бул ҳаққында ТИТУ Нөкис филиалының баспасөз хызмети хабар берди.
-«Биз билемиз, дүньядағы тынышлық ҳәм турақлылыққа миллетлераралық ҳәм динлераралық келиспеўшиликлер және терроризм үлкен қәўип туўдырмақта. Ғәрезсизлик жыллары Өзбекстанда миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик орталығын сақлаў бойынша избе-из сиясат алып барылып, бул бағдардағы жумыслар жаңа дәўир талабынан келип шығып даўам еттирилип атырған болса да, глобалласыў процесинде биз итибарлы болыўымыз керек» -дейди Кеңесбай Каримов.
Әлбетте, мәмәлекетимиздиң раўажланыўы, бәринен бурын, ондағы миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик, турақлылық орталығының сақланыўына менен тиккелей байланыслы.
Илаж даўамыда «Меҳир операциясы» ҳүжжетли фильми көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги