xs.uz сайтының хабар бериўинше, физикалық шахслардың халықаралық төлем карталарынан нақ пул қаржыларын шешип алыў ҳаққында Орайлық банк мәлимлеме берди.
Өзбекстан Республикасының аймағында халықаралық төлем карталарынан (ХТК) нақ валюта қаржыларын шешип алыўға байланыслы ғалаба хабар қуралларындағы басылымлар бойынша Орайлық банк төмендегилерге мәлим етеди.
Валюта алмастырыў операцияларында қолайлықлар жаратыў ҳәм оларды әпиўайыластырыў мақсетинде, 2019-жыл август айының үшинши он күнлигинен баслап коммерциялық банклердеги валюта алмастырыў шақапшалары арқалы физикалық шахслар – резидентлерге нақ сырт ел валютасын сатыў әмелияты енгизилди.
Соның менен бирге, әмелиятта жынайый дәраматларды легалластырыўға байланыслы гүманлы операцияларды әмелге асырыў, атап айтқанда, мәмлекет аймағында басқа да шахслар тәрепинен резидент емеслердиң халықаралық төлем карталарынан валюта қаржыларының шешип алыныўы жағдайлары бар ҳәм олар бойынша қәўип-қәтерлер жүзеге келмекте.
Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, Өзбекстан Республикасы аймағында барлық есап-санақлар ҳәм төлемлер миллий валюта – «сум»да әмелге асырылыўы керек екенелиги, сондай-ақ, халықаралық әмелиятты есапқа алған ҳалда усы жылдың 1-октябрьинен баслап мәмлекет аймағында банкоматлар арқалы ХТКдан қаржылардың шешип алыныўы тек ғана миллий валютада әмелге асырылады.
Физикалық шахслар – резидентлер тиккелей коммерциялық банклердиң мәкемелеринде шахсты тастыйықлайтуғын тийисли ҳүжжетлерди усынған ҳалда ХТКдан сырт ел валютасындағы нақ пул қаржыларын шеклеўлерсиз шешип алыў ҳуқықына ийе.
Физикалық шахслар – резидент емеслер тәрепинен банкоматлар ямаса валюта алмастырыў шақапшаларында конвертацияланып, жумсалмай қалған миллий валютадағы пул қаржылары нызамда белгиленген тәртипте валюта алмастырыў шақапшаларында нақ сырт ел валютасына алмастырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги