Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Қанлыкөл районлық инспекциясы усы жылдың 10-сентябрь күни гезектеги өткерилген рейд даўамында район аймағында аң аўлаў қадаған етилген ўақытта пуқаралар Б.П. ҳәм Р.Н.лар тәрепинен 3 дана қырғаўыл аўланғаны анықланып, иркилген.

Комитеттиң жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен ислесиў бөлиминиң хабар бериўинше, бул пуқаралар тәрепинен тәбиятқа 1 338 000 сум зыян келтирилген. Жағдай бойынша топланған материаллар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 90-статьясы 4-бөлимине тийкарланып көрип шығылмақта.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыз аймағында 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.