Улыўма билим бериў мектеплеринде жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша директор орынбасары лаўазымы енгизиледи. Бул ҳаққында Орайлық әскерий округ баспасөз хызметине тийкарланып «Дарё» хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, Өзбекстан Қорғаныў министрлиги және Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен отставкадағы ветеран әскерий хызметкерлерди жасларға тәрбия бериў процесине тартыў бойынша илажлар жобасы тастыйықланған.
Оған муўапық, ноябрь айына шекем улыўма билим бериў мәкемелериндеги шақырыққа шекемги таярлық басшысы лаўазымы орнына директордың жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша орынбасары лаўазымы енгизиледи.
Соның менен бирге, улыўма билим бериў мектеплериндеги шақырыққа шекемги баслаўыш таярлық пәнинен сабақ өтетуғын қәнигелер (директор орынбасары) қурамын Қураллы Күшлерден отставкаға шығарылған, әскерий кийим-кеншек кийип жүриў ҳуқықына ийе және әскерий тараўда жоқары билимге ийе болған 60 жасқа толмаған резервтеги офицер ҳәм сержантлардан тайынланады.
Сондай-ақ, қоспа жобада директор орынбасарларының қәнигелигин арттырыў тәртиби, әскерий бөлимде және улыўма билим бериў мектеплеринде әскерий ўатан сүйиўшилик илажларын өткериў бойынша бир қанша ўазыйпалар белгиленген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.