Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайында АИВ инфекциясы менен наўқасланғанларды лабораториялық тексериў нәтийжесинде анықлайды.

Бул кеселлик бизге сырт еллерден кирип келген болып, көбейип, ҳәзирги ўақытта республикамызда жасап атырған халықтың денсаўлығы ушын қәўип туўдырмақта.

Оның алдын алыў бойынша орай тәрепинен орынларда турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары, ушырасыўлар өткерилмекте. Бирақ, айырым пуқаралар сырт елде ўақтынша жумыс ислеп келгеннен кейин аймағындағы медициналық мәкемелерден тексериўден өтпей, айырымлары уялып, усы кеселликти басқаларға жуқтырып алыў қәўипин күшейтпекте.

Республикамызда жасайтуғын ҳәр бир пуқара өзинде АИВ инфекциясына гүман пайда болған жағдайда Нөкис қаласы, А.Досназаров көшеси әө-жайда жайласқан Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайына келип, АИВ инфекциясына өз қәлеўи менен аноним тәризде, яғный өзи ҳаққындағы мағлыўматларды сыр сақлаған ҳалда, ким екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин көрсетпей-ақ, бийпул тексериўден өтиўи мүмкин.

Сондай-ақ, олар усы орайда хызмет көрсетип турған «Исеним», «Досласыў» ҳәм «Аноним» ханаларының хызметлеринен де бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Бул ханалардың өзлерине белгиленген миннетли ўазыйпалары болып, мәселен, «Исеним» ханасында қәўипли топарға киретуғынлар, яғный нәшебентлик затларды инъектив түринде қабыллайтуғынларға тесттен алдынғы ҳәм тесттен кейинги мәсләҳәтлер бериледи. Оларға бир мәртелик шприцлер менен бирге қорғаныў қураллары ҳәм буклетлер бийпул тарқатылады. Олар бул ханада нарколог ҳәм терапевт шыпакерлердиң қабыллаўында болып, мәсләҳәтлер алады.

«Аноним» тексериў ханасына хабарласқан ҳәр бир пуқара аты-жөнин, жасаў мәнзилин сыр сақлаған ҳалда АИВ инфекциясына тексериўден өтеди ҳәм тексериў нәтийжеси тек сол адамның өзине айтылады.

Өзбекстан Республикасының 2013-жыл 23-сентябрьдеги «Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын келтирип шығаратуғын кеселлик (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында ықтыярый түрде тексериўден өтип атырған пуқараның тексерилиўи өз қәлеўи бойынша әмелге асырылады.

Соның менен бирге мийнет мигрантлары, ҳәмиледарлар, некеден өтип атырған пуқаралар, сырт ел пуқаралары өз қәлеўи менен бийпул АИВ инфекциясына тексериўден өтиўине болады.

Себеби, АИВ инфекциясын ерте анықлаў арқалы биз сол адамың өмирин узайтыўға, денсаўлығының беккемлениўине жәрдем көрсетиў мүмкиншилигине ийе боламыз.

Буннан басқа, АИВ инфекциясы жоқ екенлиги ҳаққында сертификат бериў Нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген тәртипте, тек ғана АИЖСке қарсы гүресиў орайында төлемли түрде әмелге асырылады.

Қурбангүл Сержанова,

шыпакер.

Қарақалпақстан хабар агентлиги