Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 20-сентябрьдеги буйрығы тийкарында 2019-2020-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының студентлерине Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик стипендиялары тапсырылды.
Быйылғы оқыў жылында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 5 студенти мәмлекетлик стипендиялар таңлаўында жеңимпаз деп табылды.
Атап айтқанда, өзбек тили ҳәм әдебияты бағдарының 4-курс студенти С.Жумамуратова, химияны оқытыў методикасы бағдарының 3-курс студенти Ш.Қаражанова, шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили бағдарының 4-курс студенти З.Ганиева ҳәм усы бағдардың 4-курс студенти А.Оразгалиева Наўайы атындағы Мәмлекетлик стипендиясына ылайық деп табылған болса, миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 4-курс студенти А.Жумабаев Ислам Кәримов атындағы Мәмлекетлик стипендиясы таңлаўының жеңимпазы болды.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1993-жыл 5-февральдағы «Өзбекстанның оқыўшы жасларын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанның қәбилетли жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық ҳәр оқыў жылы басында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының ақырғы еки курсында оқып атырған қәбилетли студентлерге атақлы стипендиялар берилип келинбекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.