Ҳүкимет қарары менен Адвокатлық гүўалығын бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң телеграм каналы хабар бермекте.
Режеге муўапық, адвокатлық гүўалығы адвокат статусын тастыйықлаўшы ҳүжжет есапланады.
Гүўалықты бериў төмендеги басқышларда әмелге асырылады:
- адвокатлық структураның дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында гүўалық берилген ямаса тийисли адвокатлық структурасына кирген күнниң ертеңинен кешиктирмей талапкер ямаса адвокат аймақлық әдиллик уйымына жеке өзи мүрәжат етеди;
- гүўалықты рәсмийлестириў ҳәм бериў аймақлық әдиллик уйымы тәрепинен 2 күнлик мүддетте әмелге асырылады, гүўалыққа аймақлық әдиллик уйымының басшысы тәрепинен қол қойылады;
- гүўалықтың реквизитлери көрсетилген ҳалда 3 жумыс күнинде Адвокатлар палатасының тийисли аймақлық басқармасы жазба түрде хабардар етиледи.
Адвокат хабарнама алынған ўақыттан баслап Адвокатлар палатасының ағзасы болады.
Адвокат статусына байланыслы мағлыўматлар адвокатлардың мәмлекетлик реестрлерине киргизиледи.
Гүўалық республиканың пүткил аймағында әмел етеди ҳәм әмел етиў мүддети шекленбейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги