Қәнигелердиң анықлаўына қарағанда, қан группасы инсан өмириниң узақ яки қысқа болыўына тәсир етеди екен. Бул қанның антидене, антиген ҳәм эритоцитлер топламы қәўипли кеселликлерге бейимлигин билдиреди деп жазады «Xabar.uz».
Өткерилген анализ нәтийжесине қарағанда, 1-қан топары ўәкиллери ең узақ өмир сүриўи ҳәм көп ғана кеселликлерге шыдам бериўи анықланған. 2-қан группалары қантлы диабет, инфекциялы ҳәм вируслы кеселликлерге сондай-ақ стресс ҳәм жуқпалы шаршаў кеселликлерине ушырайды. 3-қан группалары арасында узақ өмир сүриўшилери аз болып, олар ангина ҳәм отит кеселликлерине ушырап, онкологиялық кеселликлер аз ушырасады. Бул кеселликлер ушыраған жағдайда асқазан-ишек жолында болыўы мүмкин. 4-қан группа ўәкиллери болса инфекциялы кеселликлерге яки жүрек кеселлигине шалыныў итималы бар.
Деген менен, ден саўлығымызда кандайда машқала болса өз басымшалық пенен емленбей, ең дәслеп шыпакерге мүрәжат етиўиңиз тийис.
Қарақалпақстан хабар агентлиги