USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ БМШ ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ КЕҢЕСИНИҢ АРНАЎЛЫ БАЯНАТШЫСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-сентябрь күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары кеңесиниң судьялар ҳәм адвокатлар еркинлиги мәселелери бойынша арнаўлы баянатшысы Диего Гарсия-Саянды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстанның инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳәрекетиниң әҳмийетли бағдарларынан бири есапланған БМШ ҳәм оның структуралары менен конструктивлик қатнасықлары барған сайын беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Зайд Раад Ал Ҳусайн ҳәм БМШтың Дин ямаса исеним еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы Аҳмад Шаҳидтиң мәмлекетимизге сапар етиўлери нәтийжесинде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепилликлерин беккемлеў, бул бағдардағы халықаралық сөйлесиўди және де раўажландырыўға қаратылған «жол карталары» әмелге асырылмақта.

Өзбекстан инсан ҳуқықлары бойынша 70 тен аслам халықаралық ҳүжжет, соның ишинде, БМШтың он тийкарғы шәртнамасына қосылған. 2018-жыл ноябрь айында Самарқандта дәслепки рет Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы өткерилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан парламенти тәрепинен БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм қәнигелиги ҳаққындағы декларациясын әмелге асырыў бойынша миллий бағдарлама қабыл етилген. Бул ҳүжжет суд-ҳуқық тараўы хызметкерлериниң инсан ҳуқықлары ҳаққындағы билимин арттырыўды нәзерде тутады.

Елимиз суд-ҳуқық системасына халықаралық стандартларды енгизиў арқалы судья ҳәм адвокатлардың еркинлигин тәмийинлеў 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Атап айтқанда, жаңа уйым – Судьялар жоқарғы кеңеси шөлкемлестирилди, судьяларды узақ мүддетке тайынлаў ҳәм суд қарарларын жәмийетшиликке жәриялаў әмелияты енгизилди. «Хабеас корпус» ҳәм «электрон әдил судлаў» механизмлерин қолланыўды кеңейтиўге үлкен әҳмийет қаратылмақта.

Мәмлекетимизде адвокатлардың еркинлигин тәмийинлеў ҳәм орнын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Адвокатлар палатасының роли артып бармақта.

Ушырасыўда бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды, Өзбекстанның суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылығын буннан былай да жетилистириў ҳәм қоспа илажлар өткериў мәселелери додаланды.

3cd9fd51-8840-f3c0-3616-9ac8aa1c9fdd.jpg

БМШ Инсан ҳуқықлары кеңесиниң арнаўлы баянатшысы қызғын қабыл еткени ҳәм сапар илажларға бай бағдарлама тийкарында шөлкемлестирилгени ушын Өзбекстан Республикасы Президентине миннетдаршылық билдирди.

Диего Гарсия-Саян Президентимиздиң басламасы менен мәмлекет ҳәм халық арасында тиккелей сөйлесиў арқалы пуқаралық жәмийетти раўажландырыў, нызамлылық ҳәм ҳуқық үстинлигин беккемлеў, әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

БМШтың жоқары мәртебели ўәкили Өзбекстан менен конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге ҳәм демократиялық жаңаланыўларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин атап өтти.

b5d9f3fe-19c1-d9a0-761f-adccfa3192c3.jpg

ӨзА