Бүгин, 25-сентябрь күни Мойнақ районындағы жалғыз өзи жасайтуғын бир пуқара ҳәм бир кем тәмийинленген пуқараға Бас прокуратура басламасы менен жаңа турақ жайлар тапсырылды. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша берген тапсырмаларынан келип шыға отырып, ҳәзирги ўақытта Бас прокуратура басламасы менен райондағы 22 жалғыз өзи жасайтуғын пуқаралардан аўыр аўҳалдағы 8 ине ҳәм 3 кем тәмийинленген шаңарақларға жаңа турақ жайлар қурылмақта, айырымларының үйлеринде қайта оңлаў жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.