Бүгин, 25-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында «Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымларының мәлимлеме хызмети» атамасындағы баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажға республикамыздағы барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымлары, министрликлер, ҳәкимиятлар, шөлкемлер, оқыў орынларының мәлимлеме хызмети ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов басқарып барды.

Баспасөз конференциясында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июньдағы «Ғалаба хабар қуралларының бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар және шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысларын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 5-августтағы 556-санлы Президиум қарары, сондай-ақ, усы қарар тийкарында ислеп шығылған Министрлер Кеңесиниң арнаўлы қарарлары менен Министрлер Кеңеси аппараты және Нөкис қаласы, барлық район ҳәкимликлеринде мәлимлеме хызметлери шөлкемлестирилди.

Министрлер Кеңесинде қала ҳәм район ҳәкимликлери мәлимлеме хызметине талабанлар арнаўлы дүзилген жумысшы топар тәрепинен сәўбеттен өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар басқармасының мәлимлеме хызметлери жумысларын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секторының баслығы Б.Ережепов қарардың мазмуны ҳәм әҳмийети, оннан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында кең түрде баянат жасады.

Сондай-ақ, конференцияда Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы К.Реймов, Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясының директоры Б.Елмановлар шығып сөйлеп, баспасөз, телевидение ҳәм радио жумысларында мәлимлеме хызметлери менен бирге ислесиў бойынша талаплар ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Илаж даўамында басқарыў уйымлары, ҳәкимликлер, шөлкемлер ҳәм оқыў орынларының мәлимлеме хызметлери ўәкиллери тараўдағы орын алып атырған кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Конференция соңында алдағы исленетуғын жумыслар келисип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.