Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қосымша қун салығы ставкасын 20 проценттен 15 процентке түсириўди нәзерде тутатуғын пәрманға қол қойды. Бул ҳаққында «Дарё» басылымы «Korzinka.uz» супермаркетлер тармағы басшысы З.Ҳошимовқа тийкарланып хабар берди.

«Әжайып хош хабар! Исенимли дәреклерден келген хабарға қарағанда, Президент ҚҚ ставкасын 20 проценттен 15 процентке түсириў ҳаққындағы пәрманға қол қойыпты. Жаңа салық ставкасы 1-октябрьден баслап әмел етеди»,- деп жазған З.Ҳошимов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.