Усы жылдың 24-сентябрь күни саат 15:47 де Беруний районы «Наўайы» АПЖ аймағында жасайтуғын 1967-жылы туўылған пуқара Т.Я. ның турақ жайында өрт келип шыққаны ҳаққында хабар келип түскен.

Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, экипаж өрт жүз берген орынға саат 15:53 те жетип барған ҳәм өрт сапластырылған. Өрт ақыбетинде пуқара Т.Я.ның 50 квадрат метрлик жайының төбеси ҳәм үй үскенелери өрттен зыянланған.

Сондай-ақ, үй ийеси Т.Я. түтиннен зыянланып, емлеўханаға алып кетилген ҳәм қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеби ҳәм келтирилген зыян муғдары анықланбақта.

Хабарда жазылыўынша, өрт жүз берген орынға шекемги аралық 4 километр болып, өртти өшириўге 3 өрт өшириў экипажы қатнасқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.