Усы жылы 23-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстанның Корея Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Виталий Фен басшылығындағы қубла кореялы инвесторларды қабыллаў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап. Президентимиздиң басшылығында раўажланған сырт еллерден, соның ишинде, Корея Республикасынан инвестициялар алып келиў, биргеликте қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, товар айланысының көлемин кеңейтиў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында Қытай, Корея, Кувейт, Германия, Япония мәмлекетлериндеги елшилер алдына ҳәр бир қала ҳәм районға инвестиция алып келиў жуўапкершилигин жүклеген еди. Бул бағдардағы жумыслар басқышпа-басқыш даўам етпекте.
Өз гезегинде мийманлардан елши ҳәм «Нороо Паинт» компаниясының вице-президенти Ким Бонг Джэ, усы компанияның бас мененджери Чои Чанг Сок, «Евергреен Моторс» компаниясының баслығы-Өзбекстан Республикасы Бас министриниң ҳүрметли мәсләҳәтшиси Ким Чанг Кеон, «Евергреен Интернейшнл» компаниясының вице-президенти Бюн Мин Хо, «Евергреен Моторс» компаниясының вице-президенти Ким Ик Донг жыллы-жүзлилик пенен күтип алғаны ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирип, бул жерде инвесторлар ушын жаратылған шараятларға жоқары баҳа берди.
Илаж даўамында еки тәреплеме режелер, келешекте саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм инвестиция мәселелери бойынша бирге ислесиў бағдарында өз-ара пикир алысыўлар болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.